1 Chronicles 16:41-42
41Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң садықлығының мәңги даўам ететуғынын тәрийиплеў ушын тайынлады. 42Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс-мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды.
Copyright information for
KaaIBT22C