1 Chronicles 16:8-22
8«Жаратқан Ийени алғыслап, атын айтып шақырың,Халықларға билдириң Оның ислерин!
9Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың,
Баян етиң барлық әжайып ислерин!
10Оның мухаддес аты менен мақтаның,
Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11Жаратқан Ийени ҳәм Оның қүдиретин излең,
Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12Есте сақлаң Оның ислеген әжайып ислерин,
Кәраматлары менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин!
13Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары,
Ол таңлап алған Яқыптың балалары!
14Ол – Жаратқан Ийе, бизлердиң Қудайымыз!
Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15Мәңгиге есте сақлаң Оның келисимин,
Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин,
16Ибрайым менен дүзген келисимин,
Ысаққа берген антын!
17Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады,
Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18„Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип,
Қанан жерин саған беремен“, – деди. ▼
19Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди,
Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20Олар бир халықтан екиншисине,
Бир патшалықтан екиншисине гезип жүрген еди.
21Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады,
Олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22„Мениң майлағанларыма тиймең,
Пайғамбарларыма жаманлық қылмаң!“– деди.
Copyright information for
KaaIBT22C