‏ 1 Chronicles 17:1-14

Қудайдың Даўытқа берген ўәдеси

1Даўыт сарайына жайғасып алғаннан кейин, Натан пайғамбарға:

– Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман. Ал Жаратқан Ийениң Келисим сандығы болса, шатырда тур! – деди.

2Натан Даўытқа:

– Жүрегиңиз нени қәлесе, соны ислең. Себеби Қудай сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.

3Бирақ сол күни түнде Натанға Қудайдан мынадай сөз түсти:

4– Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмайсаң. 5Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап бүгинге дейин, Мен үйде жасамадым. Ал шатырдан-шатырға, ана жерден мына жерге көшип жүрдим. 6Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?»

7Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. 8Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан. 9Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды. 10Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери, залымлар оларды езип келмекте. Мен барлық душпанларыңызды бойсындыраман.

Жаратқан Ийең болған Мен саған өзиң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жарататуғынымды билдиремен.

11Сен өлип, ата-бабаларыңның жанына атланғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 12Мен ушын үйди ол қурады. Ал Мен болсам, оның тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 13Мен оған Әке боламан, ол Маған ул болады. Сеннен алдын болған патшадан мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 14Мен оны Өз үйимниң ҳәм патшалығымның үстинен мәңгиге қояман. Оның тахты мәңгиге беккем болады».
Copyright information for KaaIBT22C