‏ 1 Chronicles 23

1Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.

Лебийлилердиң атқаратуғын хызметлери

2Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады. 3Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен. 4Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине, 5төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў хызметине қойылсын».

6Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.

7Гершонның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.

8Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Иоел.

9Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди. 10Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди. 11Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.

12Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.

13Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди.

Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды.
14Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.

15Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.

16Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.

17Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.

18Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.

19Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.

20Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.

21Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший.

Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.

22Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.

23Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды.

24Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди. 25Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти. 26Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди. 27Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.

28Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди. 29Олар усынылатуғын нанларға, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды. 30Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийени тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди. 31Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.

32Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.

‏ 1 Chronicles 24

Руўханийлердиң ўазыйпасы

1Харон урпақлары мынадай топарларға бөлинди. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар. 2Бирақ Надаб пенен Абиҳу әкесинен бурын, ул көрмей өлип кеткенликтен, тек Элазар менен Итамар руўханий болды. 3Даўыт Харон урпақларын орынлайтуғын хызметлери бойынша топарларға бөлди. Бул исте оған Элазар урпағынан Садоқ ҳәм Итамар урпағынан Ахимелех жәрдем берди. 4Элазар урпақлары арасында әўлад басшылары Итамар урпақларына қарағанда көбирек болып шықты. Сонлықтан Элазар урпақлары он алты топарға, Итамар урпақлары сегиз топарға бөлинди. 5Элазар урпақлары арасында да, Итамар урпақлары арасында да Мухаддес орынға ҳәм Қудайдың алдындағы баслы хызметлерге жуўапкер болған басшылар бар еди. Сол себепли хызметлер ҳеш кимди жақламастан, шек таслаў жолы менен бөлип берилди.

6Лебийли Нетанел улы хаткер Шемая патшаның ҳәм халық басшыларының, руўханий Садоқтың, Абиятар улы Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслаўдың жуўмағын жазып барды. Шек бойынша, Элазар урпақларынан бир шаңарақтан, Итамар урпақларынан бир шаңарақтан гезекпе-гезек алынды.

7Биринши шек Еҳоярибке, екиншиси Едаяға түсти. 8Үшинши шек Харимге, төртиншиси Сеоримге, 9бесиншиси Малкияға, алтыншысы Мияминге, 10жетиншиси Ҳаққосқа, сегизиншиси Абияға, 11тоғызыншысы Ешуаға, оныншысы Шеканияға, 12он бириншиси Эляшибке, он екиншиси Якимге, 13он үшиншиси Хуппаға, он төртиншиси Ешебабқа, 14он бесиншиси Билгаға, он алтыншысы Иммерге, 15он жетиншиси Хезирге, он сегизиншиси Ҳапписсеске, 16он тоғызыншысы Петахияға, жигирмаланшысы Ехезкелге, 17жигирма бириншиси Яхинге, жигирма екиншиси Гамулға, 18жигирма үшиншиси Делаяға, жигирма төртиншиси Маазияға түсти.

19Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, бабасы Харон оларға қағыйдалар берген еди. Жаратқан Ийениң Үйине киргенде, олардың хызметиниң белгиленген тәртиби соған тийкарланған еди.

Лебийлилердиң басқа урпақлары

20Лебийлилердиң басқа урпақлары мыналар:

Амрамның улларынан Шубаел,

Шубаелдиң улларынан Ехдея.

21Рехабия улларынан туңғышы Ишшия.

22Исҳардың урпақларынан Шеломот.

Шеломоттың улларынан Яхат.

23Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.

24Уззиелдиң улы: Миха.

Миханың улы: Шамир.

25Миханың туўысқаны: Ишшия.

Ишшияның улы Зехария.

26Мерарийдиң уллары: Махлий, Муший ҳәм Язия.

27Мерарийдиң урпақларынан Язияның уллары: Шоҳам, Заккур ҳәм Ибри.

28Махлийден Элазар туўылды. Элазардың улы болмады.

29Киштиң урпағынан Ерахмеел.

30Мушийдиң уллары: Махлий, Эдер ҳәм Еримот.

Лебий урыўынан болған әўладлар усылар еди.
31Олар да туўысқанлары Харонның урпақлары сыяқлы, патша Даўыттың, Садоқтың, Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслап, өз ўазыйпаларын белгилеп алды. Шек таслағанда, үлкен улдың шаңарағы менен кишкене улдың шаңарағының ҳуқықы теңдей болды.

‏ 1 Chronicles 25

Жыршылар

1Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхтан илҳамланып қосық айтыў ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў:

2Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди.

3Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития – жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийени тәрийиплейтуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди.

4Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Иошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот. 5Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди. 6Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды. 7Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди. 8Олар үлкен-киши, устаз-шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады.

9Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

10Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

11Төртинши шек Исрийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

12Бесинши шек Нетанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

13Алтыншы шек Буккияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

14Жетинши шек Есарелаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

15Сегизинши шек Ийшаяға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

16Тоғызыншы шек Маттанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

17Оныншы шек Шимейге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

18Он биринши шек Азарелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

19Он екинши шек Хашабияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

20Он үшинши шек Шубаелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

21Он төртинши шек Маттитияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

22Он бесинши шек Еремотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

23Он алтыншы шек Хананияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

24Он жетинши шек Иошбеқашаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

25Он сегизинши шек Хананийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

26Он тоғызыншы шек Маллотийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

27Жигирмаланшы шек Элиатаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

28Жигирма биринши шек Ҳотирге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

29Жигирма екинши шек Гиддалтийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

30Жигирма үшинши шек Махазиотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

31Жигирма төртинши шек Ромамтий-Эзерге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

‏ 1 Chronicles 26

Қудайдың Үйиниң дәрўаза қараўыллары

1Дәрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды:

Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия.

2Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел, 3бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай.

4Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Иоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел, 5алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди.

6Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды. 7Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди. 8Олардың барлығы Обед-Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди.

9Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди.

10Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады. 11Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди.

12Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди.

13Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды.

14Шығыс тәрептеги дәрўаза тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди. 15Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал затлар сақланатуғын бөлмелер оның улларына түсти. 16Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллехет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти.

Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди.

17Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, затлар сақланатуғын бөлмелерде еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды. 18Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды.

19Қорах ҳәм Мерарий урпақларынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.

Қазна қараўыллары

20Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды.

21Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий.

22Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Иоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады.

23Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди: 24Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды.

25Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Иорам, Иорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди. 26Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды. 27Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң Үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди. 28Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Иоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.

Лебийлилердиң басқа хызметлери

29Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израилдағы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине тайынланды.

30Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды. 31Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды. 32Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.
Copyright information for KaaIBT22C