1 Chronicles 6:31-38
Ушырасыў шатырындағы сазенделер
31Келисим сандығы Жаратқан Ийениң Үйине апарылғаннан соң, сол жерде хызмет етиў ушын Даўыт тайынлаған сазенделердиң атлары төменде берилген. 32Сулайман Ерусалимде Жаратқан Ийеге арнап Үй қурғанға дейин, олар Ушырасыў шатырында қосық айтып, хызмет етти. Олар өз хызметин берилген көрсетпелер бойынша орынлайтуғын еди. 33Сол жерде уллары менен бирге сол хызметти атқарып атырғанлар мыналар: Қоҳаттың урпағынан: қосықшы Ҳеман. Ҳеман Иоелдиң, Иоел Самуелдиң, 34Самуел Элқананың, Элқана Ерохамның, Ерохам Элиелдиң, Элиел Тоахтың, 35Тоах Суфтың, Суф Элқананың, Элқана Махаттың, Махат Амасайдың, 36Амасай Элқананың, Элқана Иоелдиң, Иоел Азарияның, Азария Сефанияның, 37Сефания Тахаттың, Тахат Ассирдиң, Ассир Эбясафтың, Эбясаф Қорахтың, 38Қорах Исҳардың, Исҳар Қоҳаттың, Қоҳат Лебийдиң, Лебий Израилдың улы еди.
Copyright information for
KaaIBT22C