‏ 1 Kings 10:1-10

Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи

1Шеба
Шеба – Арабияның қубла тәрепинде жайласқан ел.
ҳаял патшасы Жаратқан Ийениң аты себепли Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын келди.
2Ол хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап, бир қанша адамлары менен Ерусалимге келди ҳәм кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти. 3Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди. 4Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди. 5Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм оның Жаратқан Ийениң Үйинде берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.

6Ол патшаға былай деди:

– Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
7Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше сол сөзлерге инанбаған едим. Маған булардың ярымын да айтпаған екен. Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен. 8Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады. 9Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды.

10Шеба ҳаял патшасы патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде көп хош ийисли затлар буннан кейин ҳеш қашан алып келинген емес.
Copyright information for KaaIBT22C