1 Kings 11:29-39
29Бир күни Яробам Ерусалимнен сыртқа шыққанда, шилолы пайғамбар Ахия оны жолда қарсы алды. Ахияның үстинде таза кийим бар еди. Қала сыртындағы далада олардан басқа ҳеш ким жоқ еди. 30Ахия үстиндеги таза кийимди шешти де, оны жыртып, оны он еки бөлекке бөлди. 31Кейин Яробамға: – Он бөлегин өзиңе ал, себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Сулайманның қолынан патшалықты тартып аламан ҳәм он урыўды саған беремен. 32Бирақ қулым Даўыттың ҳүрмети ҳәм Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалим ушын бир урыўды оған қалдыраман. 33Себеби Сулайман ▼▼ Сулайман – Әййемги грек, сурия ҳәм латын тиллериндеги аўдармалардан. Еврейше қолжазбаларда «олар».
Меннен жүз бурып, сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға, моаблардың қудайы Кемошқа ҳәм аммонлардың қудайы Милкомға табынып кетти. Ол Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, қағыйдаларыма ҳәм нызамларыма бойсынып жасаған әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм Мениң жолларымнан жүрмеди. 34Деген менен, буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсынып жасаған, таңлап алған қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, пүткил патшалықты Сулайманның өзиниң қолынан тартып алмайман. Оны өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар етип қояман. 35Бирақ патшалықты оның улының қолынан тартып алып, он урыўды Яробам, саған беремен. 36Ал Мениң алдымда, атымның сол жерде болыўы ушын Өзиме таңлап алған қалам Ерусалимде қулым Даўыттың шырағы мәңгиге сөнип қалмаўы ушын, Сулайманның улына бир урыўды беремен. 37Саған келсек, Мен сени таңлап аламан, сен кеўлиң күсеген нәрселердиң ҳәммесиниң үстинен бийлик жүргизип, Израилға патша боласаң. 38Егер сен қулым Даўыт сыяқлы айтқанларымды орынлап, қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынып жасасаң, нәзеримде туўры болған ислерди ислеп, Мениң жолларым менен жүрсең, онда Мен сениң менен бирге боламан. Даўытқа ислегеним сыяқлы, сениң ушын да беккем бир урпақ – патшалар әўладын жаратып, Израилды саған беремен. 39Сулайманның гүнасы себепли Даўыттың урпағын жазалайман, бирақ буны мәңгиге ислемеймен».
Copyright information for
KaaIBT22C