1 Kings 12:32-33
32Яробам сегизинши айдың он бесинши күни Яҳудадағы байрамға еликлеп бир байрам шөлкемлестирди. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында өзи соқтырған таналарына атап қурбанлықлар берди ҳәм сол жерде өзи қурдырған сыйыныў орынларының руўханийлерин хызметке қойды. 33Ол өз қәлеўи менен белгилеп алған күни, сегизинши айдың он бесинши күни қурбанлықты жағып түтетиў ушын Бейт-Элде өзи қурдырған қурбанлық орынға барды. Сол күнди Израил урпақлары ушын байрам күни деп белгиледи.
Copyright information for
KaaIBT22C