‏ 1 Kings 13:1-3

Яҳудалы Қудайдың адамы

1Яробам қурбанлықты жағып түтетиў ушын қурбанлық орынның жанында турған ўақытта, Қудайдың адамы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳудадан Бейт-Элге келди. 2Ол Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, қурбанлық орынға қарата былай деп бақырды:

– Қурбанлық орын, ҳәй, қурбанлық орын! Жаратқан Ийе былай дейди: «Даўыттың урпағынан Иошия деген бир ул дүньяға келеди. Ол қурбанлықты жағып түтетип, сыйыныў орынларында хызмет еткен руўханийлерди сениң үстиңде қурбанлыққа береди. Сениң үстиңде адамның сүйеклери жағылады».

3Сол күни Қудайдың адамы буның белгиси туўралы былай деди:

– Бул сөзлерди Жаратқан Ийениң айтқанлығын билдиретуғын белги мынаў: мына қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилип кетеди.
Copyright information for KaaIBT22C