1 Kings 16:21-34
Израил патшасы Омрий
21Буннан соң, Израил халқы екиге бөлинди. Олардың ярымы Гинат улы Тибнийдиң, ал ярымы Омрийдиң патша болыўын қәледи. 22Ақырында, Омрийге ерген халық Гинат улы Тибнийге ерген халықтан үстин келди. Тибний өлип, Омрий патша болды. 23Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз биринши жылында Омрий Израилға патша болды. Ол ҳәммеси болып он еки жыл патшалық етип, соның дәслепки алты жылында Тирсада патшалық етти. 24Омрий Шемер деген адамнан Самария төбешигин еки талант гүмиске сатып алып, оның үстине қала қурды. Қаланы төбешиктиң бурынғы ийеси Шемердиң аты менен Самария деп атады. 25Омрий де Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, өзинен алдынғы барлық патшалардан да жаманырақ жаўызлықларды иследи. 26Ол толық Набат улы Яробамның жолынан жүрди ҳәм оның Израилды баслаған гүналарына қосылып, өзлериниң жарамсыз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди. 27Омрийдиң басқа ислери ҳәм оның көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 28Омрий өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.Израил патшасы Ахаб
29Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз сегизинши жылында Омрий улы Ахаб Израилға патша болды ҳәм Самарияда жигирма еки жыл патшалық етти. 30Омрий улы Ахаб Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Оның бул ислери өзинен бурын болған патшалардың ҳәммесиникинен де асып түсти. 31Оған Набат улы Яробамның гүналарына шерик болыў аз болғандай, Сидон патшасы Этбаалдың қызы Изабелге үйленди ҳәм Баалға хызмет етип, оған табына баслады. 32Ол Самарияда Баалға арнап қурдырған бутханасының ишине Баал ушын қурбанлық орын да қурды. 33Буның үстине, ол кийели ағаш та ислетти. Ахаб өзинен бурын өткен Израил патшаларының барлығынан да артығырақ гүна ислеп, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қатты ғәзебин келтирди. 34Ахаб патшалық еткен дәўирде, бейт-элли Хиел Ерихо қаласын қайта қурды. Жаратқан Ийениң Нун улы Ешуа арқалы алдын ала айтқанындай, Хиел қаланың тийкарын салғанда, өзиниң туңғыш улы Абирамнан, ал қаланың дәрўазасын қойғанда, генже улы Сегубтан айырылды.
Copyright information for
KaaIBT22C