‏ 1 Kings 18:41-45

Қурғақшылықтың тамам болыўы

41Буннан кейин, Илияс патша Ахабқа:

– Барып, ишип-жең. Себеби күшли жаўынның даўысы еситилип тур, – деди.
42Ахаб аўқатланыўға кетти. Илияс Кармел таўының төбесине шықты ҳәм басын еки дизесиниң арасына тығып, жерге қарап отырды. 43Кейин хызметшисине:

– Барып, теңиз тәрепке қара, – деди.

Хызметшиси барып, теңизге қарады да:

– Ҳеш нәрсе жоқ, – деди.

Илияс хызметшисин жети рет теңиз тәрепке қарап келиў ушын жиберди.
44Жетинши ретте хызметшиси:

– Теңизден үлкенлиги адамның алақанындай бир булт көтерилип киятыр, – деди.

Сонда Илияс:

– Ахабқа барып айт, арбасын жегип тез қайтсын, жаўында қалып қоймасын, – деди.

45Сол ўақытта, аспанды қалың булт қаплап, самал ести ҳәм нөсер жаўын жаўа баслады. Ахаб арбасына минди де, Изреелге кетти.
Copyright information for KaaIBT22C