‏ 1 Samuel 16:1-13

Даўыттың патшалыққа майланыўы

1Жаратқан Ийе Самуелге:

– Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.

2Самуел:

– Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди.

Сонда Жаратқан Ийе былай деди:

– Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт.
3Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.

4Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып:

– Тынышлық па? – деп сорады.
5Самуел оларға:

– Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди.

Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти.
6Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.

7Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди. 8Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 9Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 10Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди. 11Соңынан Самуел Ишайдан:

– Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады.

Ишай оған:

– Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди.

Самуел Ишайға:

– Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.

12Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди. 13Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.
Copyright information for KaaIBT22C