1 Samuel 2:27-36
27Бир күни Қудайдың бир адамы Элийге келип, былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Бабаң ҳәм оның урпақлары Мысырда фараонның халқына қул болған ўақытта, Мен оларға Өзимди ашып көрсетпеген бе едим? 28Қурбанлық орынға барыў ҳәм хош ийисли затларды түтетип, эфод кийип жүриў ушын пүткил Израил урыўлары арасынан тек сениң бабаңды ғана Өзиме руўханий етип таңламадым ба? Және де, израиллылардың пүткил сыйларын да сениң ата-бабаларыңның урпақларына бермедим бе? 29Солай екен, Мениң мәканым ушын әкелиўди буйырған қурбанлық ҳәм садақаларға неге ҳүрметсизлик етесизлер? Не ушын халқым Израилдың берген барлық қурбанлықларының ең жақсы жерлерин өзлериңиз жеп семирип, неге улларыңды Меннен артық көресең?» 30Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сениң хожалығың ҳәм сениң бабаңның урпақлары Маған мәңгиге хызмет етеди, – деген едим». Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: «Енди булай ислеўден аўлақпан. Себеби Мени ҳүрметлегенди Мен де ҳүрметлеймен, ал Мени ҳүрмет етпегенлер масқара болады. 31Мине, сениң ҳәм бабаңның урпағының күшин қуртатуғын күнлерим киятыр. Солай етип, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди. 32Мениң Израилға ислейтуғын жақсылығыма қарамастан, сен Мениң мәканымда қыйыншылық көресең. Ендигиден былай, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди. 33Көзлериңди соқыр қылып, жүрегиңди қайғыға толтырыў ушын, Мениң қурбанлық орнымда сениң туқымыңнан тек бир адамды қалдыраман. Бирақ басқа урпақларыңның ҳәммеси жаслай дүньядан өтеди. 34Еки улың Хофний менен Пинехастың бир күнде өлиўи сениң ушын бир нышан болады. 35Мен Өзиме қәлеўлеримди ҳәм мақсетлеримди орынлайтуғын садық бир руўханий қояжақпан. Ол Мениң майлаған патшамның алдында бәрқулла хызмет етиўи ушын, оның урпағын мәңгиге усы хызметке қояман. 36Сонда сениң урыўыңнан аман қалған ҳәр бир адам бир бөлек гүмис ямаса бир тислем нан ушын бас ийип келип, нан таўып жеўи ушын, өзин қандай да бир диний хызметке қойыўды сорайды».
Copyright information for
KaaIBT22C