‏ 1 Samuel 22:9-23

9Сол ўақытта Шаулдың әскерлериниң жанында турған эдомлы Доег:

– Ишайдың улы Даўыттың Ноб қаласына Ахитубтың улы Ахимелехтиң жанына барғанын көрдим.
10Ахимелех Даўыт ушын Жаратқан Ийеден сорады. Оған азық-аўқат та, филист Голияттың қылышын да берди, – деди.

11Патша Шаул Ахитубтың улы руўханий Ахимелехти ҳәм оның әкесиниң әўладынан болған Нобта жасайтуғын барлық руўханийлерди шақырып келиў ушын адамларын жиберди. Олардың ҳәммеси патшаға келди. 12Шаул Ахимелехке:

– Ҳәй Ахитуб улы, мени тыңла! – деди.

– Ләббәй, тақсыр, – деп жуўап берди Ахимелех.

13Шаул оған:

– Неге сен Ишайдың улы менен бирге маған қарсы тил бириктирдиң? Сен оған нан менен қылыш бердиң ҳәм оның ушын Қудайдан сорадың. Даўыт маған қарсы қозғалаң көтерип, дузақ қурды. Бул бүгин анық көринип тур, – деди.

14Ахимелех Шаулға былай деп жуўап берди:

– Пүткил хызметшилериңиз арасында Даўыттай исенимли адам бар ма? Даўыт сизиң күйеў балаңыз, сақшыларыңыздың басшысы ҳәм хожалығыңыздағы ҳүрметли адамлардың бири.
15Мени Даўыт ушын Қудайдан сораўды сол күни баслады дейсиз бе? Әлбетте, яқ! Тақсыр, қулыңыз болған мени ҳәм мениң әкемниң хожалығын айыпламаңыз. Себеби мен бул ис ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын едим.

16Бирақ Шаул оған:

– Ҳәй Ахимелех, өзиң де, әкеңниң пүткил хожалығы да сөзсиз өлесизлер, – деди.
17Соңынан Шаул жанында турған сақшыларына:

– Қәнекей, Даўытты қоллаған Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтириңлер. Олар Даўыттың қашып кеткенин билсе де, маған хабар бермеди, – деди.

Деген менен, патшаның хызметшилери қол көтерип, Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргиси келмеди.
18Сонда патша Доегке:

– Сен барып, руўханийлерди өлтир, – деп буйырды.

Сол күни эдомлы Доег барып, зығыр эфод кийген сексен бес руўханийди өлтирди.
19Соңынан ол еркек, ҳаял, бала ямаса нәресте деместен, руўханийлер қаласы Нобтың халқын қылыштан өткизди. Және де, сыйырларды, ешеклерди ҳәм қойларды да шаўып таслады.

20Тек Ахитуб улы руўханий Ахимелехтиң улларының бири Абиятар ғана қутылып, Даўыттың жанына қашып кетти. 21Абиятар Шаулдың Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргени туўралы Даўытқа айтып берди. 22Даўыт Абиятарға былай деди:

– Сол күни ол жерде эдомлы Доегти көргенимде, оның Шаулға сөзсиз жеткизип баратуғынын билген едим. Әкеңниң хожалығындағы ҳәр бир жанның өлимине мен себепшимен.
23Жанымда қал, қорқпа. Сени өлтирмекши болғанлар мени де өлтирмекши. Жанымда қалсаң, қәўипсиз боласаң, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C