1 Samuel 27:1-4
Даўыт филистлер арасында
1Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады. 2Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти. 3Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди. 4Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.
Copyright information for
KaaIBT22C