2 Kings 5:1-14
Нааманның жаман тери кеселлигинен жазылыўы
1Арам патшасының сәркәрдасы Нааман өз мырзасы ушын уллы ҳәм ҳүрметли адам еди. Себеби Жаратқан Ийе арамлыларға ол арқалы жеңис сыйлаған еди. Нааман мәрт жаўынгер еди, бирақ ол жаман тери кеселлигине жолыққан еди. 2Бурын арамлылар бир шабыўыл жасағанында, Израилдан бир кишкене қызды тутқын етип алып келген еди. Бул қыз Нааманның ҳаялына хызмет ететуғын еди. 3Бир күни ол өз бийкесине: – Қәнекей, мырзам Самариядағы пайғамбарға барғанда ма еди, ол оны тери кеселлигинен азат еткен болар еди, – деди. 4Буны еситкенде, Нааман барып, израиллы қыздың айтқанларын өз мырзасына, патшаға айтып берди. 5Арам патшасы Нааманға: – Жолға атлан, мен Израил патшасына хат жазып беремен, – деди. Ол он талант ▼▼ Он талант – бир талант шама менен 34 кг.
гүмис, алты мың шекел ▼▼ Алты мың шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
алтын ҳәм он қатар кийим алып, жолға шықты. 6Ол хатты Израил патшасына әкелип берди. Хатта былай деп жазылған еди: «Бул хат пенен бирге қулым Нааманды сизге жиберип атырман. Оны тери кеселлигинен азат етиўиңизди қәлеймен». 7Израил патшасы хатты оқып көрди де, кийимлерин жыртып: – Адамның тери кеселлигин жазыў ушын маған адам жиберетуғындай, мен не жан алып жан беретуғын Қудай ма едим? Мине, көриңлер ҳәм билип қойыңлар, ол мениң менен урысыў ушын себеп излеп атыр, – деп бақырды. 8Израил патшасының кийимлерин жыртқанын еситкен Қудайдың адамы Элиша патшаға: «Неге кийимлериңизди жырттыңыз? Ол адамды маған жибериң, Израилда бир пайғамбар бар екенин билип қойсын», – деген хабар жиберди. 9Солай етип, Нааман атлары ҳәм арбалары менен Элишаның үйиниң есигиниң алдына келип турды. 10Сонда Элиша хабаршысын жиберип, ол арқалы Нааманға былай деди: «Барып, Иордан дәрьясына жети рет жуўын, сонда териң жаңарып, пәк боласаң». 11Нааман буған қатты ашыўланып: – Мен, ол алдымнан шығып, өз Қудайы Жаратқан Ийениң атын айтып шақырады ҳәм кеселленген жериме қолын қойып, оны жазады деп ойлаған едим. 12Дамасктеги Абана ҳәм Парпар дәрьялары Израилдағы барлық дәрьялардың суўларынан артық емес пе? Мен оларда-ақ жуўынып, пәкленип алмас па едим? – деди де, ашыўға буўлығыўы менен бурылып кетти. 13Бирақ Нааманның хызметшилери жанына келип: – Мырзам, егер пайғамбар сизге қыйынырақ бир исти исле дегенде, ислемес пе едиңиз? Ол сизге тек: «Барып жуўын, тазаланасаң», – деди-ғо, – деди. 14Буннан соң, Нааман Қудайдың адамының сөзи бойынша Иордан дәрьясына барып, жети рет сүңгиди. Сонда оның денеси нәрестениң денесиндей тап-таза болды ҳәм ол пәкленди.
Copyright information for
KaaIBT22C