‏ 2 Samuel 11

Даўыт ҳәм Бат-Шеба

1Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Даўыт өз әскербасыларын ҳәм пүткил Израил әскерлерин Иоабтың басшылығында урысқа жиберди. Олар аммонларды қырып таслап, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыттың өзи Ерусалимде қалған еди.

2Бир күни кешке қарай Даўыт төсегинен турды да, сарайдың үшегине шығып, арман-берман жүре баслады. Ол сол жерден қарап, шомылып атырған бир ҳаялды көрди. Ҳаял жүдә сулыў еди. 3Даўыт ҳаялдың ким екенин билип келиў ушын, адам жиберди.

Сол адам қайтып келип, ҳаялдың Элиамның қызы, хет халқынан болған Урияның ҳаялы Бат-Шеба екенлигин айтты.
4Даўыт ҳаялды алып келиў ушын хызметшилерин жиберди. Ҳаял Даўыттың алдына келди. Даўыт етек киринен енди тазаланған ҳаял менен жатты. Соңынан ҳаял үйине қайтты. 5Ҳаял ҳәмиледар болып қалған еди. Сонлықтан ол Даўытқа: «Мен ҳәмиледарман», – деп хабар жиберди.

6Сонда Даўыт Иоабқа: «Хет халқынан болған Урияны маған жибер», – деген хабар жоллады. Иоаб Урияны Даўыттың алдына жиберди. 7Урия алдына келгенде, Даўыт оннан Иоаб пенен әскерлердиң жағдайы ҳәм урыстың барысы ҳаққында сорады. 8Соңынан Урияға:

– Үйиңе барып, дем ал, – деди.

Урия сарайдан шыққаннан соң, патша оның изинен сый жиберди.
9Деген менен, Урия үйине қайтпай, патшаның барлық хызметшилери менен бирге сарай дәрўазасы алдында уйықлады. 10Даўытқа Урияның үйине қайтпағаны ҳаққында хабар жеткенде, Даўыт Урияны шақыртып:

– Сен узақ ўақыт сыртта болдың-ғо, неге үйиңе қайтпадың? – деп сорады.

11Урия Даўытқа:

– Қудайдың сандығы да, Израил ҳәм Яҳуда әскерлери де ордада қалды. Сәркәрдам Иоаб пенен сизиң адамларыңыз болса, қыр далада түнеп атыр. Солай екен, ишип-жеп, ҳаялым менен жатыў ушын, мен үйиме бара аламан ба? Алдыңызда ант ишип айтаман: мен ҳасла булай ислемеймен, – деп жуўап берди.

12Сонда Даўыт Урияға:

– Бүгин де усы жерде қал, ертең сени қайтарып жиберемен, – деди.

Урия сол күни Ерусалимде қалды. Ертеңине
13Даўыт Урияны шақырып алып, ишкизип-жегизди ҳәм оны мәс қылды. Бирақ кеште Урия және үйине бармай, патшаның хызметшилери менен бирге уйықлаў ушын бурынғы жатқан орнына барды.

14Сонлықтан келеси күни азанда Даўыт Иоабқа бир хат жазып, оны Урияның қолына берип жиберди. 15Ол хатта былай деп жазған еди: «Урияның жарадар болып өлиўи ушын, оны саўаштың ең қызған жерине қойып, бир өзин қалдыр».

16Солай етип, Иоаб қаланы қоршап алғанда, душпанлардың мәрт әскерлериниң қай жерде туратуғынын билгенликтен, Урияны сол жерге қойды. 17Қала халқы шығып, Иоабтың әскерлери менен саўашқа түсти. Саўашта Даўыттың әскерлеринен айырымлары қаза тапты. Қазаланғанлар арасында хет халқынан болған Урия да бар еди.

18Саўаштың барысы ҳаққында хабарлаў ушын, Иоаб Даўытқа адам жиберди. 19Ол хабаршыға былай деп буйырды:

– Сен саўаштың барысы ҳаққында патшаға жеткергениңде,
20патша ғәзепленип, саған: «Олар менен урысыў ушын қалаға неге буншелли жақынластыңыз? Олардың қала дийўалынан оқ ататуғынын билмейтуғын ба едиңиз? 21Еруббешеттиң
Еруббешет – Еруббаал яғный Гидеонның басқа аты. Бий 6:32; 7:1 қараң.
улы Абимелехти қалай өлтиргенин билмейтуғын ба едиңиз? Тебесте бир ҳаял дийўалдан Абимелехтиң үстине дигирман тасын таслап жиберип, оны өлтиргени есиңизде жоқ па еди? Солай екен, неге дийўалға буншелли жақын бардыңлар?» – дегенде, сен оған: «Хет халқынан болған қулыңыз Урия да өлди», – деп айтарсаң.

22Хабаршы жолға шықты. Ол Даўытқа барғанда, Иоабтың өзине айтқанларының ҳәммесин оған жеткизип былай деди:

23– Душпан бизлерден үстин шықты. Олар қаладан шығып, бизлер менен қыр далада урысты. Бирақ бизлер оларды қала дәрўазасына шекем қуўып бардық. 24Сонда мергенлер сизиң адамларыңызға қарай дийўалдан оқ атты. Патшаның адамларының айырымлары қаза тапты, хет халқынан болған қулыңыз Урия да қаза тапты.

25Даўыт хабаршыға:

– Иоабқа былай деп айт: «Болған ўақыяға қапа болма. Саўашта кимниң өлетуғынын билип болмайды. Қалаға қарсы ҳүжимди күшейтип, оны жер менен жексен қылыңлар». Усы сөзлерди айтып, оған жигер бер, – деди.

26Урияның ҳаялы күйеўиниң қаза тапқанын еситип, ол ушын аза тутты. 27Аза тутыў ўақты тамам болғанда, Даўыт ҳаялды сарайға алдырды. Ҳаял Даўытқа турмысқа шығып, оған бир ул туўып берди.

Бирақ Даўыттың бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ис болды.

‏ 2 Samuel 12:1-25

Натанның Даўытты әшкаралаўы

1Жаратқан Ийе пайғамбар Натанды Даўытқа жиберди. Сонда Натан Даўытқа келип, былай деди:

– Бир қалада еки адам болыпты. Олардың бириншиси бай, ал екиншиси кәмбағал екен.
2Бай адамның жүдә көп майда ҳәм ири маллары бар екен. 3Бирақ кәмбағалдың сатып алып, бағып атырған бир урғашы қозысынан басқа ҳеш нәрсеси жоқ екен. Қозы кәмбағалдың үйинде балалары менен бирге өсипти. Оның нанынан жеп, кесесинен суў ишип, қойнында уйықлапты. Сол адам ушын қозы өз қызындай еди. 4Бир күни бай адамның үйине бир жолаўшы келипти. Келген қонаққа аўқат таярлаў ушын, өзиниң қой ҳәм сыйырларынан бирин сойыўға байдың көзи қыймай, кәмбағалдың қозысын алып, қонағына аўқат таярлап берипти.

5Даўыттың бай адамға қатты ғәзеби келип, Натанға былай деди:

– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: бундай исти ислеген адам өлимге ылайықлы!
6Тас баўырлық қылып, усындай исти ислегени ушын, қозыны төрт есе қылып төлеўи тийис.

7Сонда Натан Даўытқа былай деди:

– Сол адам сизсиз! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени майлап, Израилға патша етип қойдым ҳәм Шаулдың қолынан қутқардым.
8Мен саған мырзаңның үйин бердим, ҳаялларын да қойныңа салдым. Израил ҳәм Яҳуда халқын да саған бердим. Егер бул да аз болса, булардан да көп нәрселерди берер едим. 9Солай екен, неге Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди ислеп, сөзимди писент етпедиң? Хет халқынан болған Урияны қылыш пенен өлтирип, ҳаялын өзиңе алдың. Аўа, сен оны аммонлардың қылышы менен өлтирдиң. 10Буннан былай, мәңгиге сениң хожалығыңнан қылыш арымайды. Себеби сен Мени писент етпей, хет халқынан болған Урияның ҳаялын өзиңе ҳаяллыққа алдың». 11Жаратқан Ийе және былай дейди: «Саған өз хожалығың арқалы жаманлық келтиремен. Сениң көз алдыңда ҳаялларыңды алып, жақынларыңның бирине беремен. Ол күпә-күндиз ҳаялларыңның қойнына киреди. 12Аўа, сен бул исти жасырынша иследиң, бирақ Мен буны пүткил Израил халқының көз алдында күпә-күндиз ислеймен».

13Даўыт Натанға:

– Мен Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим, – деди.

Натан оған:

– Жаратқан Ийе гүнаңыздан өтти, сиз өлмейсиз.
14Бирақ сиз бул исиңиз арқалы Жаратқан Ийениң душпанларына Оған тил тийгизиўге жол қойып бердиңиз. Сол себепли сизиң туўылған перзентиңиз өледи, – деп жуўап берди. 15Соңынан Натан үйине қайтты.

Жаратқан Ийе Урияның ҳаялының Даўыттан туўған баласын аўыр кеселге дуўшар етти.
16Даўыт Қудайға бала ушын жалбарынып, ораза тутты. Үйине келип, жерде жатқан ҳалда түнлерди өткерди. 17Сарай ақсақаллары Даўытты жерден турғызыў ушын келгенде, ол турыўды қәлемеди ҳәм олар менен бирге аўқат та жемеди. 18Жетинши күни бала шетнеди. Хызметшилери Даўытқа баланың шетнегени ҳаққында хабарлаўға қорқты. Олар: «Бала тири ўақытта, бизлер оның менен сөйлескен едик, бирақ ол бизлерге қулақ аспады. Енди баланың шетнегенин оған қалай айтамыз? Ол өзине қандай да бир жаман нәрсе ислеп қояр», – деп сыбырласты.

19Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен:

– Бала қайтыс болды ма? – деп сорады.

Олар Даўытқа:

– Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди.

20Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине әтир жағып, кийимлерин алмастырды ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды. Соңынан үйине қайтып келип, өзине аўқат берилиўин буйырды ҳәм алдына қойылған аўқатты жеди. 21Хызметшилери оған:

– Бул исиңизди қалай түсинсек болады? Бала тири ўақтында ораза тутып, жыладыңыз. Ал ол өлгеннен кейин, орныңыздан турып, аўқат жедиңиз, – деди.

22Даўыт оларға былай деп жуўап берди:

– Аўа, бала тири ўақтында ораза туттым, жыладым. Себеби: «Ким биледи, Жаратқан Ийе маған мийримин түсирип, бала жасап кетер», – деп ойлаған едим.
23Бирақ енди бала өлди. Солай екен, ораза тутыўымның не кереги бар? Оны қайтара алар ма едим? Мен оның жанына бараман, бирақ ол мениң жаныма қайтып келмейди.

Сулайманның туўылыўы

24Даўыт ҳаялы Бат-Шебаны жубатты ҳәм жанына кирип, оның менен жатты. Бат-Шеба ул туўды ҳәм оның атын Сулайман деп қойды. Жаратқан Ийе баланы сүйгенликтен, 25Натан пайғамбарды оған жиберди. Натан Жаратқан Ийениң сөзи бойынша балаға Едидия
Едидия – «Жаратқан Ийениң сүйиклиси» дегенди билдиреди.
деп ат қойды.
Copyright information for KaaIBT22C