‏ 2 Samuel 15:13-37

Даўыттың Ерусалимнен қашыўы

13Бир хабаршы Даўытқа келип:

– Израиллылардың кеўли Абшаломға аўып кетти, – деди.
14Сонда Даўыт Ерусалимде өзи менен бирге болған барлық хызметшилерине:

– Турыңлар, қашайық! Болмаса, Абшаломнан қашып қутыла алмайсыз. Дәрҳал кетип қалмасақ, Абшалом изимизден тез жетип алып, бәлеге дуўшар етер, қаланы да қылыштан өткерер, – деди.

15Патшаның хызметшилери:

– Тақсыр, сиз қандай қарарға келсеңиз, бизлер орынлаўға таярмыз, – деп жуўап берди.

16Солай етип, патша пүткил сарай халқын изине ертип, жолға шықты. Ал сарайға қарап турыўы ушын, он тоқалын сол жерде қалдырды. 17Патша ҳәм оның изине ерген пүткил халық қаланың ең шетиндеги үйдиң жанына келип, тоқтады. 18Сол жерден баслап, барлық хызметшилери, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм Гаттан өзине ерип келген гатлы алты жүз әскер патшаның алдынан жүрип өтти.

19Патша гатлы Иттайға былай деди:

– Неге сен де бизлер менен киятырсаң? Изиңе қайтып, жаңа патша менен қал. Өйткени сен ўатаныңнан қуўылған бир жат еллисең.
20Сен кеше келгенсең. Бүгин қай жерге барарымды өзим билмей турып, сени де сергиздан қылайын ба? Изге қайт, әскерлериңди де өзиң менен алып қайт. Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм садықлығы саған яр болсын!

21Бирақ Иттай патшаға:

– Тақсыр, тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: өлим ушын болса да, өмир ушын болса да, сиз қай жерде болсаңыз, қулыңыз болған мен де сол жерде боламан, – деп жуўап берди.

22Даўыт Иттайға:

– Яқшы, онда алдыға өтип, жүре бер, – деди.

Солай етип, гатлы Иттай ҳәм оның жанындағы ҳәмме адамлар бала-шағалары менен бирге жолын даўам етти.
23Халық кетип баратырғанда, әтираптағы пүткил ел зар-зар жыласты. Патша Кидрон сайынан өтти. Пүткил халық шөлистанлыққа қарай жол алды.

24Руўханий Садоқ пенен Қудайдың Келисим сандығын көтерген лебийлилер де сол жерде еди. Олар Қудайдың сандығын жерге қойды. Пүткил халық қаладан шығып болғанша, руўханий Абиятар төбешикке көтерилип, оларды күтип турды.

25Соңынан патша Садоққа былай деди:

– Қудайдың сандығын қалаға қайтарып алып бар. Егер Жаратқан Ийениң маған мийрими түскен болса, Ол мени изиме қайтарып, сандықты ҳәм сандық туратуғын орынды маған көрсетер.
26Егер Ол маған: «Саған кеўлим толмады», – десе, онда мен таярман. Ол маған мақул көргенин ислесин.

27Патша сөзин даўам етип, руўханий Садоққа былай деди:

– Жағдайды көрип турған жоқсаң ба? Улың Ахимаасты ҳәм Абиятардың улы Ионатанды жаныңа ал да, Абиятар менен бирге аман-есен қалаға қайт.
28Сизлерден анық бир хабар алмағанымша, мен Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде күтип тураман.

29Солай етип, Садоқ пенен Абиятар Қудайдың сандығын Ерусалимге қайтарып апарып, сол жерде қалды. 30Ал Даўыт болса, жылап-еңиреп Зәйтүн таўына көтериле берди. Ол басын орап алып, жалаңаяқ кетип баратыр еди. Оның жанындағы адамлардың ҳәммеси де басларын орап алып, жылап-еңиреп таўға шығып баратыр еди.

31Сол арада биреў Даўытқа:

– Ахитофел де Абшаломның тәрепин алған тил бириктириўшилер арасында екен, – деп хабарлады.

Сонда Даўыт: «Жаратқан Ийе, Ахитофелдиң кеңесин жоққа шығара гөр!» – деп дуўа етти.

32Даўыт Қудайға сыйынатуғын таўдың төбесине жетип барғанда, Арк тийресинен болған Хушай кийими жыртылған, басына топырақ шашылған ҳалда оны қарсы алды. 33Даўыт оған былай деди:

– Мениң менен бирге кетсең, маған жүк боласаң.
34Егер қалаға қайтып барсаң, Абшаломға: «Тақсыр, сизиң қулыңыз болмақшыман. Бурын әкеңизге қандай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен», – деп айтарсаң. Усылай сен Ахитофелдиң мәсләҳәтин мениң ушын босқа шығарасаң. 35Руўханийлер Садоқ пенен Абиятар сол жерде сениң менен бирге болады. Патшаның сарайында еситкенлериңниң ҳәммесинен оларды хабардар етип тур. 36Садоқтың улы Ахимаас пенен Абиятардың улы Ионатан да сол жерде. Еситкенлериңниң ҳәммесин олар арқалы маған жеткерип турасаң.

37Солай етип, Даўыттың достысы Хушай Ерусалимге кетти. Сол ўақытта Абшалом да Ерусалимге кирип киятырған еди.

‏ 2 Samuel 16

Даўыт ҳәм Сиба

1Даўыт таўдың төбесинен арман қарай бираз түскенде, Мефибошеттиң хызметшиси Сиба қосақланған еки ешекке еки жүз нан, кептирип нығызланған кишмиштен жүз дана, таза пискен мийўеден жүз дана ҳәм бир мес шарап жүклеп, Даўыттың алдынан шықты. 2Патша Сибадан:

– Буларды не ушын алып келдиң? – деп сорады.

Сиба оған:

– Ешеклер патша хожалығындағылардың миниўи ушын, нан менен таза мийўелер хызметшилериңиздиң жеўи ушын, ал шарап шөлде ҳалдан тайғанлардың ишиўи ушын, – деп жуўап берди.

3Патша оннан:

– Мырзаң Шаулдың ақлығы қаяқта? – деп сорады.

Сиба оған:

– Мефибошет Ерусалимде қалды. Себеби ол: «Израил халқы бүгин атамның патшалығын маған қайтарып береди», – деп айтып атыр, – деп жуўап берди.

4Сонда патша оған:

– Мефибошеттиң ҳәмме нәрсеси сеники болады, – деди.

Сиба патшаға тәжим етип:

– Қуллық, тақсыр! Маған бәрқулла кеўлиңиз толғай! – деди.

Даўыт ҳәм Шимей

5Даўыт патша Бахуримге жетип барғанда, Шаулдың тийресинен болған Гераның улы Шимей ғарғаныўы менен оның алдынан шықты. 6Пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери Даўыт патшаның оң ҳәм шеп жағында турғанына қарамастан, Шимей Даўытқа ҳәм оның хызметшилерине тас ылақтырды. 7Шимей былай деп ғарғанды:

– Жоқ бол, кет. Ҳәй, қанхор, оңбаған адам!
8Сен орнына патша болған Шаулдың үй-ишинде төгилген қанлардың қунын Жаратқан Ийе сеннен өндирип атыр. Ол патшалықты улың Абшаломға берди. Сен қанхор болғаның ушын, бул бәлеге жолықтың.

9Серуя улы Абишай патшаға:

– Бул өли көпек неге тақсырымды ғарғайды екен? Рухсат бериң, басын үзип таслайын, – деди.

10Бирақ патша оған:

– Серуя уллары, буның менен сизлердиң жумысыңыз болмасын! Жаратқан Ийе оған: «Даўытты ғарға», – дегени ушын ғарғап атырған болса, ким оннан: «Неге булай ислеп атырсаң?» – деп сорай алады? – деди.

11Кейин Даўыт Абишайға ҳәм хызметшилерине былай деди:

– Өз улым мени өлтирмекши болып турғанда, мына беняминли оннан бетерин ислемей ме? Оны тынышына қойыңлар, ғарғай берсин. Өйткени буны оған Жаратқан Ийе айтқан.
12Бәлким, Жаратқан Ийе мениң хорланып атырғанымды көрип, бүгинги ғарғыслар орнына жақсылық қайтарар.

13Даўыт адамлары менен бирге жолын даўам етти. Ал Шимей Даўыттың қапталында, таўдың жанбаўырында жүрип оны ғарғады, оған тас атып, топырақ шашты. 14Иордан дәрьясындағы өткелге шаршап жеткен патша ҳәм оның жанындағы халық сол жерде дем алды.

Хушай менен Ахитофелдиң кеңеслери

15Сол арада Абшалом ҳәм оның израиллы пүткил тәрепдарлары Ерусалимге келди. Ахитофел де Абшалом менен бирге еди. 16Сонда Даўыттың достысы Арк тийресинен болған Хушай Абшаломның жанына барып:

– Жасасын патша! Жасасын патша! – деп бақырды.

17Абшалом Хушайдан:

– Достыңа садықлығың усы ма? Не ушын достың менен кетпедиң? – деп сорады.

18Хушай оған былай деп жуўап берди:

– Яқ, мен Жаратқан Ийениң, мына халықтың ҳәм пүткил израиллылардың таңлаған адамы тәрепинде болып, оның жанында қаламан.
19Енди мен Даўыттың улы Абшаломнан басқа кимге хызмет қыламан? Әкеңизге қалай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен.

20Сонда Абшалом Ахитофелге қарап:

– Не ислейик, бизлерге кеңес бер, – деди.

21Ахитофел Абшаломға:

– Сарайға қарап турыўы ушын, әкеңниң таслап кеткен тоқаллары менен жат. Сонда пүткил Израил әкеңиздиң сизди жек көрип қалғанын биледи ҳәм сизди қоллаўшылардың ҳәммеси және де күшке минеди.

22Солай етип, сарайдың үшегине Абшалом ушын бир шатыр қурылды. Ол пүткил израиллылардың көз алдында әкесиниң тоқаллары менен жатып шықты.

23Сол ўақытлары Ахитофел берген кеңеслер Қудай тәрепинен берилген кеңеслер деп саналатуғын еди. Ахитофелдиң ҳәр бир кеңеси Даўыт ушын да, Абшалом ушын да усындай еди.

‏ 2 Samuel 17:1-22

Хушайдың Ахитофелдиң кеңесин бузыўы

1Ахитофел Абшаломға және былай деди:

– Рухсат берсеңиз, он еки мың адамды сайлап алып, бүгин түнде кетип, Даўыттың изине түсейин.
2Ҳәзир Даўыт шаршап, ҳалдан тайған ўақытта, оған ҳүжим етип, көзин қорқытсам, қасындағылар қашып кетеди. Сонда мен Даўыт патшаның бир өзин өлтиремен. 3Соңынан пүткил халықты сизге қайтарып алып келемен. Халықтың сизге қайтыўы сиз өлтирмекши болып атырған адамның өлимине байланыслы. Солай етип, пүткил халық зыян көрмейди.

4Бул кеңес Абшаломға да, пүткил Израил ақсақалларына да унап қалды. 5Бирақ Абшалом:

– Арк тийресинен болған Хушайды да шақырың. Ол не дер екен, еситейик, – деди.
6Хушай келгенде, Абшалом оған Ахитофелдиң қандай кеңес бергени туўралы айтып берди. Соңынан ол Хушайдан:

– Оның кеңеси бойынша ис тутайын ба? Болмаса, сен кеңес бер, – деп сорады.

7Хушай Абшаломға былай жуўап берди:

– Ахитофелдиң бул ретте берген кеңеси жақсы емес.
8Әкеңиздиң ҳәм оның адамларының мәрт жаўынгерлер екенин билесиз. Олар далада балаларынан айырылған айыў сыяқлы ғәзепли. Буның үстине, әкеңиз тәжирийбели жаўынгер, ол түнди әскерлер жанында өткермейди. 9Бул ўақытта ол үңгирлердиң биринде ямаса бир жерде жасырынып жүрген болса керек. Егер ол әскерлеримизге биринши болып ҳүжим жасаса, ол ҳаққында еситкен ҳәр бир адам: «Абшаломға ергенлер қырғынға ушырапты», – деп айтады. 10Сонда жүреклери арысланның жүрегиндей болған мәртлердиң де қорқыныштан руўхлары түседи. Себеби әкеңиздиң батырлығын ҳәм оның қасындағылардың мәртлигин пүткил Израил биледи. 11Сонлықтан сизге айтатуғын кеңесим мынаў: Даннан Беер-Шебаға шекемги, теңиз жағасындағы қум сыяқлы сан-санақсыз болған пүткил израиллыларды әтирапыңызға топлаң. Сиз өзиңиз де саўашқа шығың. 12Сонда бизлер жасырынған жерлериниң биринде Даўытқа ҳүжим қылып, жер бетине түскен шық киби үстине бастырып барамыз. Даўытты да, оның жанындағылардың ҳеш бирин де тири қалдырмаймыз. 13Егер ол бир қаланы паналаса, онда пүткил израиллылар сол қалаға арқанлар алып барады. Қаланы бир тасы қалмағанша, ойпатлыққа қарай тартып қулатып, жоқ қыламыз.

14Абшалом ҳәм пүткил израиллылар: «Хушайдың кеңеси Ахитофелдиң кеңесинен жақсырақ», – деди. Себеби Жаратқан Ийе Абшаломды апатқа ушыратыў ушын, Ахитофелдиң жақсы кеңесин жоққа шығарыўды шешип қойған еди.

15Хушай руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға Ахитофелдиң Абшалом менен Израил ақсақалларына берген кеңеси ҳәм өзиниң оларға берген кеңеси туўралы айтып берди. 16Соңынан оларға:

– Сизлер мына хабарды Даўытқа тез жеткизиң: бул түнди Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде өткизбесин. Тез арғы тәрепке өтсин. Болмаса, патшаның өзи де, жанындағылар да толық қырылып кетеди, – деди.

17Сол ўақытлары қалада көринбеў ушын, Ионатан менен Ахимаас қала сыртындағы Рогел булағы жанында күтип туратуғын еди. Бир шоры қыз барып, оларға болып өткенлерди хабарлап туратуғын, ал олар еситкенлерин Даўыт патшаға жеткизип туратуғын еди. 18Бирақ бир өспирим оларды көрип қалып, Абшаломға хабарлады. Сонда Ионатан менен Ахимаас асығыс ол жерден кетип, Бахуримдеги бир адамның үйине келди. Үйдиң ҳәўлисинде бир қудық бар еди. Ионатан менен Ахимаас сол қудыққа жасырынды. 19Сол адамның ҳаялы бир жапқыш алып, қудықтың аўзын жаўып қойып, ҳеш нәрсе сезилмеўи ушын, оның үстине масақларды жайып таслады. 20Абшаломның хызметшилери үйге, ҳаялдың жанына келип, оннан:

– Ахимаас пенен Ионатан қай жерде? – деп сорады.

Ҳаял оларға:

– Өзектиң арғы тәрепине өтип кетти, – деп жуўап берди.

Абшаломның хызметшилери оларды излеп кетти, бирақ таба алмай, Ерусалимге қайтты.

21Адамлар кеткеннен кейин, Ахимаас пенен Ионатан қудықтан шықты да, болып өткен ўақыяларды хабарлаў ушын, Даўыт патшаға кетти. Олар Даўытқа барып:

– Қәне, ҳәзир-ақ дәрьяны кесип өтиңлер, – деди ҳәм Ахитофелдиң оған қарсы қандай кеңес бергенлигин айтып берди.
22Даўыт сол ўақытта-ақ пүткил адамлары менен бирге Иордан дәрьясын кесип өтти. Таң атқанда, Иордан дәрьясын кесип өтпеген бирде бир адам қалмады.
Copyright information for KaaIBT22C