‏ Acts 16:16-40

Павел менен Сила қамақта

16Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди. 17Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип:

– Бул адамлар – Қудай Тааланың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.

18Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павел бийзар болып кетип, арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа:

– Ийса Масийхтың аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди.

Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.

19Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. 20Оларды Рим басшыларының алдына алып келип:

– Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте.
21Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести.

22Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Басшылар Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. 23Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды. 24Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бөлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.

25Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. 26Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти. 27Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. 28Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып:

– Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.

29Қамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды. 30Оларды сыртқа шығарып:

– Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.

31Олар:

– Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.

32Соңынан олар оның өзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сөзин айтты. 33Қамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў өзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды. 34Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Қудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.

35Таң атқанда, басшылар: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады. 36Қамақхана хызметкери бул сөзлерди Павелге хабарлап:

– Басшылар сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.

37Бирақ Павел сақшыларға былай деди:

– Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди өзлери келип шығарсын!

38Сақшылар бул сөзлерди басшыларға жеткерди. Басшылар Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти. 39Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин өтинди. 40Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды көрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.
Copyright information for KaaIBT22C