‏ Acts 17:1-9

Салоникада

1Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан өтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди. 2Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады. 3Масийхтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де:

– Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масийх, – деди ол.

4Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Қудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм көплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.

5Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң көтерди. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди. 6Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып:

– Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти.
7Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим императорының пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.

8Бул сөзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды. 9Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.
Copyright information for KaaIBT22C