‏ Acts 17:13-16

13Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Берияда да Қудайдың сөзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды. 14Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Берияда қалды. 15Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.

Афинада

16Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин көргенде, қатты қапа болып ашыўланды.
Copyright information for KaaIBT22C