Acts 22:6-16
6Мен жолға шығып, Дамаскке жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди. 7Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Шаул, Шаул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим. 8«Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған насыралы Ийсаман» – деди. 9Мениң жанымдағылар нурды көрсе де ▼▼ …нурды көрсе де – Базы қолжазбаларда «…нурды көрип, қорқынышқа түсти».
, мениң менен сөйлескенниң сөзлерин түсинбеди. 10«Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскке бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди. 11Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан көзлерим көрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскке жетеклеп апарды. 12Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди. 13Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Шаул! Көзлериң көрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ көзлерим ашылып, оны көрдим. 14Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Қудайы Өзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды көрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады. 15Себеби сен көргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң. 16Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
Copyright information for
KaaIBT22C