Acts 26:12-18
12Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскке қарай жолға шықтым. 13Патшам, тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нурды көрдим. 14Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сөйлегенин еситтим: «Шаул, Шаул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Маған қарсы шығыўыңнан ҳеш қандай пайда жоқ». 15«Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 16Қәне, тикейип, орныңнан тур! Мени көргениң ҳәм Мениң саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Өз хызметиме тайынлаў ушын саған көриндим. Сен көргенлериң ҳәм саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең. 17Мен сени өз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман. 18Басқа миллетлердиң көзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Қудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
Copyright information for
KaaIBT22C