Deuteronomy 10:1-5
Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы
(Шығ 34:1-10)
1«Сол ўақытта, Жаратқан Ийе маған былай деди: „Бурынғы тасқа уқсаған еки тас жонып алып, Мениң алдыма, таўға шық. Және, ағаштан бир сандық исле. 2Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман. Кейин сен тасларды сандыққа салып қоясаң“. 3Солай етип, мен акация ағашынан бир сандық иследим. Бурынғы таслардай етип, еки тас жонып алдым. Соннан кейин, еки тасты алып, таўға шықтым. 4Таўда жыйналған күниңизде, Жаратқан Ийе от ишинен сизлерге айтқан он буйрықты алдынғыдай етип, сол еки тасқа және жазды да, оны маған берди. 5Мен таўдан төмен түсип, Жаратқан Ийе буйырғанындай, тасларды сандықтың ишине салып қойдым. Таслар ҳәзир де сол сандықтың ишинде турыпты».
Copyright information for
KaaIBT22C