‏ Deuteronomy 18:15-19

15Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын араңыздан, өз туўысқанларыңыздан мен сыяқлы бир пайғамбар шығарады. Оған қулақ салыңлар. 16Сизлер Хореб таўында жыйналған күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеден өзлериңиз мынадай деп тилеген едиңиз: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын екинши мәрте еситпейик, сол уллы отты да басқа көрмейик, болмаса өлип қаламыз“. 17Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: „Олардың айтқанлары дурыс. 18Олар ушын өзлериниң арасынан сен сыяқлы бир пайғамбар шығараман. Мен оның аўзына Өз сөзлеримди саламан ҳәм ол Мен айт деп буйырғанларымның ҳәммесин оларға жеткереди. 19Ол Мениң атымнан сөйлейди, оған қулақ салмаған адамды Мен Өзим жуўапкершиликке тартаман.
Copyright information for KaaIBT22C