Deuteronomy 18:9-13
Басқа халықлардың жеркенишли үрп-әдетлеринен сақланыў
9«Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жерине киргениңизде, ол жердеги халықлардың жеркенишли ислерин үйренбеңлер. 10Сизлердиң араңызда өз улын ямаса қызын отта қурбанлық қылатуғын, пал ашатуғын, адамның келешегин болжайтуғын, белгилерди жорыйтуғын, сыйқыршылық қылатуғын, 11зикир салатуғын, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын ямаса өлилер менен тиллесип, мәсләҳәт алатуғын бирде бир адам болмасын. 12Себеби Жаратқан Ийе сондай ислейтуғынлардан жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе усындай жеркенишли ислери себепли сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атыр. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында минсиз болыңлар».
Copyright information for
KaaIBT22C