‏ Deuteronomy 19:1-13

Паналайтуғын қалалар

(Сан 35:9-34; Ешу 20:1-9)

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе жерлерин сизлерге берип атырған халықларды жоқ қылғанда, сизлер сол жерлерди мүлик етип алып, қалаларына ҳәм үйлерине жайласып аласыз. 2 3Сонда елди үш бөлимге бөлиңлер. Ҳәр бир бөлимнен бир пана қаладан ажыратыңлар. Сол қалаларға баратуғын жоллар салыңлар, солай етип, адам өлтирип қойған адам сол қалалардың бирине қашып, паналасын.

4Сондай жағдай басына түскен адамға байланыслы қағыйда мынадай: егер бир адам алдыннан жаўызлық қылыў нийети болмай, абайсызда биреўди өлтирип қойса, онда ол сол жерге қашып қутылыўы мүмкин. 5Мысалы: бир адам биреў менен бирге ағаш таярлаўға тоғайға барып, ағаш шабыў ушын балтасын көтергенде, балтаның темири сабынан шығып кетсе ҳәм қасындағы адамға тийип кетип, оны өлтирип алса, онда усындай абайсызда адам өлтирип қойған адам сол пана қалалардың бирине қашып, жанын қутқарып қалсын. 6Болмаса, өлген адамның өшин алыўшы әмеңгер ашыўланып, қанхордың изинен қуўыўы мүмкин ҳәм пана қалаға баратуғын жол узақ болғаны ушын, оған жетип алып, оны өлтириўи мүмкин. Деген менен, өлтирген адам өлимге ылайықлы емес, себеби өлген адамға оның алдын ала қаслығы болмаған. 7Сизлерге үш қаланы өзлериңиз ушын айырып қойыңлар, деп буйырғанымның себеби усы еди.

8 9Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, ҳәмме ўақытта Оның жолларынан жүриң, деп сизлерге буйрық бердим. Егер де, сизлер усы буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға ишкен анты бойынша жер шегараларыңызды кеңейтеди ҳәм ўәде қылған пүткил елди сизлерге береди. Сонда сизлер айырып қойған үш қалаңызға және үш пана қала қосыңлар. 10Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип беретуғын елде айыпсыз адамның қаны төгилмесин. Айыпсыз адамның төгилген қаны ушын айыплы болып қалмаңлар.

11Бирақ бир адам биреўге қаслық етип, буққыда жатса ҳәм ҳүжим етип, оны өлтирсе, кейин ол сол қалалардың биреўине қашып барса, 12онда сол жынаятшы жасаған қаладағы ақсақаллар оның изинен адам жиберип, оны қайтарып алып келсин. Жынаятшы өлген адам ушын өшин алыўшының қолына тапсырылсын. Солай етип, ол өлтирилиўи керек. 13Ондай адамды аяп отырмаңлар. Айыпсыз қанды төгиў гүнасынан Израилды тазалаңлар. Сонда абадан турмыс кеширесиз.
Copyright information for KaaIBT22C