Deuteronomy 2:24-37
24«Бизлер Моаб жеринен өткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерге: „Енди жолға шығыңлар! Арнон дәрьясынан өтиңлер! Мине, амор халқының Хешбондағы патшасы Сихонды ҳәм оның елин сизлерге тәслим қыламан. Оған ҳүжим қылып, жерин ийелеп баслаңлар. 25Бүгиннен баслап Мен жер жүзиндеги халықларды сизлерден ҳүрейи ушып, қорқатуғын қыламан. Олар сизлер туўралы еситкенде, қорқыўдан титирейтуғын болады“, – деди».Израиллылардың Хешбон патшасы Сихонды жеңиўи
26«Соннан кейин, мен Кедемот шөлинен Хешбон патшасы Сихонға елшилер арқалы тынышлық келисимин усынып, мына хабарды жибердим: 27„Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер оңға да, солға да бурылмай туўры жолдан өтип кетемиз. 28Жейтуғын аўқатымызды да, ишетуғын суўымызды да сизден гүмиске сатып аламыз. Тек ғана жериңизден өтип кетсек болды. 29Сеирде жасайтуғын Эсаў әўладлары менен Арда жасайтуғын моаб халқы өз шегараларынан өтиўимизге рухсат берди. Сиз де жериңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Иордан дәрьясынан өтип, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге беретуғын жерге жетип алайық“. 30Деген менен, Хешбон патшасы Сихон жеринен өтиўимизге рухсат бермеди. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе бүгин көрип турғаныңыздай, Сихонды сизлерге тәслим қылыў ушын, оның жүрегин тас етип, өжет қылып қойған еди. 31Жаратқан Ийе маған: „Мине, Сихонды ҳәм оның елин саған тәслим қылып атырман. Енди оның елин қолға киргизип, ийелеп алыўды басла“, – деди. 32Сихон бизлер менен урысыў ушын, Яҳаста барлық әскерлери менен бизлерге қарсы шықты. 33Қудайымыз Жаратқан Ийе оны бизлерге тәслим қылды. Сихонды, оның улларын ҳәм пүткил халқын қырып тасладық. 34Олардың барлық қалаларын қолға киргизип, ҳәммесин жоқ қылдық. Еркек, ҳаял ҳәм балаларынан ҳеш бирин аман қалдырмадық. 35Тек ғана олардың ҳайўанларын ҳәм қалаларындағы мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық. 36Арнон сайының шетинде жайласқан Ароерден ҳәм сайдың ишиндеги қаладан баслап Гиладқа дейин ҳеш бир қала бизлерден үстем келмеди. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе ҳәммесин бизлерге тәслим қылған еди. 37Бирақ Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша аммонлардың елине, Яббоқ дәрьясының бойларындағы ҳәм таўлы үлкедеги қалаларға жақынламадық». Deuteronomy 3:1-11
Израиллылардың Башан патшасы Огты жеңиўи
1«Соннан кейин, бизлер Башанға қарай жол алдық. Башан патшасы Ог бизлерге қарсы урысыў ушын барлық ләшкерлери менен Эдрейде бизлердиң алдымыздан шықты. 2Жаратқан Ийе маған: „Оннан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең“, – деди. 3Солай етип, Қудайымыз Жаратқан Ийе Башан патшасы Огты ҳәм оның ләшкерлерин бизлерге тәслим қылды. Олардың ҳеш бирин аман қалдырмай, ҳәммесин қырып тасладық. 4Қолға киргизбеген бирде бир қала қалдырмай, Огтың барлық алпыс қаласын, Башандағы оның патшалығына кирген барлық Аргоб үлкесин қолға киргиздик. 5Бул қалалардың ҳәммеси бийик дийўаллар, дәрўазалар ҳәм дәрўазаларды қулыплап қоятуғын тәмбилер менен беккемленген еди. Булардан басқа дийўаллар менен қоршалмаған көп аўыллар да бар еди. 6Хешбон патшасы Сихонға ислегенимиздей, олардың ҳәммесин жоқ қылдық. Ҳәр бир қаланы еркек, ҳаял ҳәм балалары менен бирге пүткиллей жоқ қылдық. 7Олардың барлық ҳайўанларын ҳәм мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық. 8Солай етип, сол ўақытта бизлер Арнон сайынан Хермон таўына дейин созылған Иордан дәрьясының күншығыс жағасындағы жерлерди амор халқының еки патшасының қолынан тартып алдық. 9Хермон таўын сидонлылар Сирйон таўы, ал амор халқы Сенир таўы деп атайды. 10Сол тегисликтеги барлық қалаларды, пүткил Гиладты, Огтың патшалығына тийисли Салка менен Эдрей қалаларына дейин созылған барлық Башанды қолға киргиздик». 11Рефа халқынан тек ғана Башан патшасы Ог тири қалған еди. Огтың Рабба қаласындағы жататуғын орны темирден еди, әпиўайы өлшемде бул орынның узынлығы тоғыз, ени төрт шығанақ еди.
Copyright information for
KaaIBT22C