Deuteronomy 23:3-5
3Аммон ямаса моаб халқынан болған адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди. Ҳәттеки, олардың оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине ҳасла кире алмайды. 4Өйткени Мысырдан шығып киятырғаныңызда, олар жолда сизлерди нан ҳәм суў менен күтип алмады. Және де, Арам-Наҳарайымдағы Петор қаласынан болған Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын жаллаған еди. 5Деген менен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе Биламға қулақ салыўды қәлемеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын, нәлетти жарылқаўға айландырды.
Copyright information for
KaaIBT22C