‏ Deuteronomy 30:1-4

Қайта тиклениўдиң ҳәм жарылқаўдың шәртлери

1«Мен сизлерге айтқан усы барлық жарылқаўлар ямаса нәлетлер басыңызға түскенде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди тарқатып жиберген халықлардың арасында усыларды есиңизге түсиресиз. 2Сол ўақытта бүгин сизлерге буйырғанымдай, сизлер ҳәм урпақларыңыз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтып, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған қулақ салсаңыз, 3Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге реҳим қылып, бурынғы абаданшылығыңызды тиклейди. Сизлерди арасына тарқатып жиберген халықлардың ишинен қайтадан жыйнап алады. 4Дүньяның басқа шетине сүргин болсаңыз да, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жыйнап, қайтарып алып келеди.
Copyright information for KaaIBT22C