‏ Deuteronomy 31:1-8

Ешуаның Муўсаның орнына тайынланыўы

(Сан 27:15-23)

1Муўса пүткил Израил халқына жоқарыдағы сөзлерди айтып болғаннан кейин, 2былай деди: «Ҳәзир мен бир жүз жигирма жастаман. Буннан былай, мен сизлерге басшылық ете алмайман. Оннан қала берсе, Жаратқан Ийе маған: „Иордан дәрьясының арғы жағына өтпейсең“, – деп айтқан еди. 3Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң басшылығында Иорданның арғы жағына өтесиз. Ол сол жерде жасайтуғын халықларды жоқ қылады. Сизлер олардың еллерин мүлик етип, ийелеп аласыз. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша Ешуа сизлерге басшылық қылады. 4Жаратқан Ийе амор халқының патшалары Сихон менен Огты өлтирип, олардың елин жоқ қылғанындай, сол халықларды да жоқ қылады. 5Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим қылады. Оларға мен сизлерге буйырғанымдай ислеңлер. 6Күшли ҳәм батыр болыңлар! Олардан қорқып, сескенип жүрмеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барады. Ол сизлерди тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди».

7Соннан кейин, Муўса Ешуаны шақырып алып, пүткил израиллылардың алдында оған былай деди: «Күшли ҳәм батыр бол! Себеби сен Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен елге бул халық пенен бирге барасаң ҳәм елди мүлик етип, оларға сен бересең. 8Жаратқан Ийениң Өзи сениң алдыңда жүрип, саған яр болады. Ол сени тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди. Қорқпа ҳәм қәўетерленбе».
Copyright information for KaaIBT22C