Deuteronomy 7:1-5
Қудайдың халқы
(Шығ 34:11-16)
1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди мүлик етип алатуғын жериңизге алып барғанда, көп халықларды – хет, гиргаш, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарады. Бул жети халық сизлерден гөре көп ҳәм күшли. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды сизлерге тәслим еткенде, олардың үстинен жеңиске ерисесиз. Сонда олардың ҳәммесин толығы менен жоқ қылыңлар! Сол халықлар менен келисим дүзбеңлер, оларды аямаңлар. 3Олар менен қуда-тамыр болып, өз қызларыңызды олардың улларына турмысқа бермеңлер ҳәм олардың қызларын улларыңызға алып бермеңлер. 4Себеби олар ул-қызларыңызды Жаратқан Ийеден жүз бурдырады ҳәм ул-қызларыңыз басқа қудайларға хызмет ететуғын болады. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, сизлерди сол ўақыттың өзинде жоқ қылып жибереди. 5Керисинше, ол халықларға мынадай қылыңлар: олардың қурбанлық орынларын қыйратыңлар, кийели тасларын сындырып таслаңлар, кийели ағашларын шаўып таслаңлар ҳәм бутларын жағып жибериңлер.
Copyright information for
KaaIBT22C