Exodus 12:1-20
Қутқарылыў асы
1Жаратқан Ийе Мысыр жеринде Муўса менен Харонға былай деди: 2– Бул ай сизлер ушын биринши ай, жылдың биринши айы болады. 3Пүткил Израил жәмийетине айтыңлар: усы айдың онында ҳәр бир хожалық басшысы өз хожалығы ушын бир қой ямаса ешки таңлап алсын. 4Егер бир хожалықтағы адамлар саны усы жанлықтың гөшин жеп таўыса алмайтуғындай аз болса, онда оны жақын қоңсысы менен бөлиссин. Жанлықтың үлкен-кишилигине қарап, оны қанша адамның жей алатуғынын анықлаўыңыз керек. 5Сизлер таңлап алған қой ямаса ешки минсиз, бир жыллық еркек жанлық болсын. 6Жанлықты усы айдың он төртине дейин бағып, сол күни кеште Израил жәмийетиниң ҳәр бир шаңарағы өз жанлықларын сойыўы тийис. 7Олар қанды алып, өзлери гөшти жейтуғын үйлериниң қапысының жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жақсын. 8Сол күни кеште гөшти отқа писирип, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин. 9Гөшти шийкилей ямаса суўға писирип емес, ал бас-сыйрағы ҳәм ишек-қарны менен бирге отқа писирип жеңлер. 10Гөш азанға дейин қалмаўы тийис. Егер оннан аўысып қалса, оны отта өртеп жибериңлер. 11Сизлер гөшти жеп атырған ўақтыңызда, беллериңиз буўыўлы, аяқ кийимиңиз кийиўли, таяғыңыз қолыңызда болсын. Гөшти тез жеңлер. Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў асы. 12Мен сол түни Мысыр жеринен өтемен. Ондағы адамлардың да, маллардың да ҳәр бир туңғышын өлтиремен ҳәм Мысырдың пүткил қудайларын ҳүким етемен. Мен – Жаратқан Ийемен. 13Өзлериңиз турған үйлердиң есигиниң жақлаўларына жағылған қан сизлер ушын нышан болады. Мен қанды көрип, сизлерди шетлеп өтемен. Мысыр елин жазалағанымда, набыт қылыўшы апат сизлерге ҳеш қандай зыян тийгизбейди. 14Бул күн сизлер ушын еслеў күни болсын. Оны Жаратқан Ийениң байрамы сыпатында байрамлаңлар. Бул байрамды байрамлаў келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.Ашытқысыз нан байрамы
15– Жети күн ашытқысыз нан жеңлер. Биринши күни-ақ үйлериңизден ашытқыны жоқ қылыңлар. Ким де ким усы жети күн ишинде ашытқы салынған нан жесе, ол Израил халқы арасынан жоқ қылыныўы тийис. 16Биринши ҳәм жетинши күнлери мухаддес жыйналысыңыз болсын. Сол күнлери тек өзлериңиз ушын аўқат таярлаўдан тысқары, ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. 17Солай етип, сизлер Ашытқысыз нан байрамын байрамлаңлар! Өйткени анық сол күни Мен сизлерди топ-тобыңыз бенен Мысыр жеринен алып шықтым. Келешек әўладларыңыз бул күнди мәңги қағыйда сыпатында байрамласын. 18Биринши айдың он төртинши күниниң кешинен жигирма биринши күниниң кешине дейин ашытқысыз нан жеңлер. 19Сол жети күн даўамында үйлериңизде ашытқы болмасын. Ким де ким ашытқы салынған бир нәрсе жесе, мейли ол келгинди болсын, мейли жергиликли болсын, ол Израил жәмийети арасынан жоқ қылынады. 20Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, ашытқысыз нан жеңлер.
Copyright information for
KaaIBT22C