‏ Exodus 12:21-23

Биринши Қутқарылыў асы

21Соннан кейин, Муўса Израилдың барлық ақсақалларын шақырып алып, оларға былай деди:

– Хожалығыңыз ушын қой ямаса ешки таңлап алып, оны Қутқарылыў асы ушын сойыңлар.
22Соң, бир баў майоран шөбин
Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик.
алың да, оны қырмадағы қурбанлықтың қанына батырып, қанды қапыларыңыздың жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жағыңлар. Азанға шекем ҳеш ким үйинен шықпасын.
23Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтириў ушын елден өткенде, қапыларыңыздың жақлаўларындағы ҳәм кесе ағашындағы қанды көрип, үйлериңизди шетлеп өтеди. Ол набыт қылыўшының үйлериңизге кирип, сизлерди өлтириўине жол қоймайды.
Copyright information for KaaIBT22C