Exodus 12:31-41
Мысырдан шығыў
31Сол күни түнде-ақ фараон Муўса менен Харонды шақырып алып былай деди: – Барыңлар! Сизлер де, израиллылар да халқымның арасынан шығып кетиңлер. Өзлериңиз айтқаныңыздай, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. 32Сондай-ақ майда ҳәм ири малларыңызды да алып кетиңлер. Ал маған пәтия бериңлер. 33Израиллылардың елден тезирек шығып кетиўи ушын, мысырлылар оларды асықтырды. «Болмаса, ҳәммемиз өлемиз», – дести олар. 34Солай етип, израиллылар еле ашымаған қамырларын табағы менен кийимлерине орады да, ийинлерине көтерип алды. 35Израиллылар Муўсаның айтқаны бойынша, мысырлылардан гүмис ҳәм алтын буйымлар менен кийимлер сорап алды. 36Жаратқан Ийе израиллыларды мысырлыларға унамлы қылып көрсеткенликтен, мысырлылар оларға сорағанын берди. Солай етип, израиллылар оларды тонап кетти. 37Израиллылар Рамсестен Суккотқа қарай жол алды. Бала-шағаларды есапламағанда, шама менен алты жүз мыңдай ер адам пияда жолға шықты. 38Және де, көп санлы басқа миллет адамлары, есап-сансыз майда ҳәм ири маллар да олар менен бирге кетти. 39Халық өзлери Мысырдан алып шыққан ашымаған қамырдан нан писирди. Себеби олар Мысырдан қуўып шығарылғанлықтан, қамырды ашытыўға да, жолға азық-аўқат таярлаўға да үлгере алмаған еди. 40Израиллылардың Мысырда жасағанына төрт жүз отыз жыл болған еди. 41Төрт жүз отыз жылдың соңғы күни, анық сол күни Жаратқан Ийениң халқы топ-тобы менен Мысыр жеринен шықты.
Copyright information for
KaaIBT22C