‏ Exodus 14:1-15

1Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Израиллыларға айт, олар изге қайтып, Пий-Ҳахироттың қасына, Мигдол менен теңиз арасына, Баал-Сефонның қарсысындағы теңиз жағасына орналассын. 3Сонда фараон: «Израиллылар ел гезип, адасып кетти, олар шөл қоршаўында қалды», – деп ойлайды. 4Мен фараонның жүрегин қатал қыламан ҳәм ол израиллылардың изинен қуўады. Солай етип, Мен фараонды ҳәм оның пүткил әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. Сонда мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.

Израиллылар айтылғанды иследи.
5«Израил халқы қашып кетипти», – деген хабар Мысыр патшасына жеткенде, ол ҳәм оның хызметкерлери израиллылар туўралы көз қарасларын өзгертип: «Бизлер не ислеп қойдық? Израиллыларды жиберемиз деп, қулларымыздан айырылдық-ғо!» – дести. 6Фараон өзиниң саўаш арбасын жектирип, ләшкерлерин таярлады. 7Ол алты жүз сайланды саўаш арбасын, Мысырдың басқа барлық саўаш арбаларын ҳәм олардың басшыларын жанына алды. 8Жаратқан Ийе Мысыр патшасы фараонның жүрегин қатал қылып қойды. Ол нық қәдем атып баратырған израиллылардың изинен қуўып кетти. 9Мысырлылар фараонның пүткил әскерлери, атларға жегилген саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери менен израиллылардың изине түсип, теңиз жағасына, Пий-Ҳахирот жақынына, Баал-Сефонның қарсысына ордасын қурған израиллыларға жетип алды.

10Фараон жақынласып қалды. Израиллылар артына бурылып қараса, мысырлылардың излеринен қуўып киятырғанын көрди. Сонда олардың зәррелери ушып, Жаратқан Ийеге пәрияд етти. 11Олар Муўсаға былай деди:

– Мысырда қәбир жоқтай, бизлерди шөлде өлиўге алып келдиң бе? Мысырдан алып шығып, бизлерге не қылғаның?
12Мысырда болғанымызда, саған: «Бизлерди тынышымызға қой, мысырлыларға хызмет ете берейик», – деген жоқ па едик? Шөлде өлгеннен гөре, мысырлыларға қул болғанымыз жақсырақ еди-ғо!

13Бирақ Муўса оларға:

– Қорқпаңлар! Орныңызда беккем турып, Жаратқан Ийениң бүгин сизлерди қалай қутқаратуғынын көриңлер. Бүгин өзлериңиз көрип турған мысырлыларды енди ҳеш қашан көрмейсизлер.
14Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады. Ал сизлер тыныш турсаңыз болды, – деди.

15Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Неге Маған пәрияд етип атырсаң? Израиллыларға айт, алға қарай жылжый берсин.
Copyright information for KaaIBT22C