Exodus 14:21-29
21Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды. Жаратқан Ийе пүткил түн бойы шығыстан күшли самал естирип, теңиз суўын изге ийтерди ҳәм теңизди қурғақ жерге айландырды. Суў екиге бөлинди. 22Израиллылар қурғақ жерди басып, теңиздиң ортасынан өтти. Теңиз суўы оң ҳәм шеп тәрепте оларға дийўал болып турды. 23Ал мысырлылар олардың изинен қуўды, фараонның барлық атлары, саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери теңиздиң ишине кирип кетти. 24Таң атарда Жаратқан Ийе минара сыяқлы от ҳәм булт ишинен Мысыр ордасына нәзерин таслап, оларды албыратып таслады. 25Қудай олардың саўаш арбаларының дөңгелеклерин шығарып таслағанда, олар зорға қозғалды. Сонда мысырлылар: «Израиллылардан қашайық. Өйткени олар ушын Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы урысып атыр», – дести. 26Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды теңиздиң үстине қарай соз. Суўлар мысырлыларды, олардың саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин басып кетсин, – деди. 27Солай етип, Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды ҳәм таңға жақын теңиз өз ҳалына қайтты. Сонда қашып атырған мысырлылар суўға дуўшар болып, Жаратқан Ийе оларды теңиздиң ишине батырып жиберди. 28Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларды, оның үстиндеги әскерлерди, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил әскерлерин жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады. 29Ал израиллылар болса, теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өткен еди. Суўлар оң ҳәм шеп тәрепте турып, оларға дийўал болған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C