‏ Exodus 17:1-7

Жартастан аққан суў

1Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Син шөлинен шықты да, бир жерден екинши жерге көшип-қонып жүрип, Рефидимге орналасты. Деген менен, ол жерде ишетуғын суў жоқ еди. 2Олар Муўсаға:

– Бизлерге ишетуғын суў бер, – деп урысты.

– Неге маған урысып атырсызлар? Неге Жаратқан Ийени сынап атырсызлар? – деди оларға Муўса.

3Бирақ халық шөллегенликтен, Муўсаға наразы болып:

– Бизлерди не ушын Мысырдан алып шықтың? Бизлерди, балаларымызды ҳәм малларымызды шөлден өлтириў ушын ба? – деп тоңқылдады.

4Муўса Жаратқан Ийеге дад салып:

– Бул халыққа не ислейин? Бираздан соң, олар мени тас боран қылып өлтиреди-ғо! – деди.

5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Халықтың алдына өт. Нил дәрьясын урған таяғыңды ал да, Израил ақсақалларының айырымларын изиңе ертип, алға қарай жүр.
6Мине, Мен Хореб таўындағы бир жартастың үстинде, сениң алдыңда тураман. Сен жартасты урғаныңда, суў атлығып шығады ҳәм халық суў ишеди.

Муўса Израил ақсақалларының көз алдында солай иследи.

7Солай етип, ол сол жерди Масса
Масса – «сынаў» дегенди билдиреди.
ҳәм Мериба
Мериба – «урысыў» дегенди билдиреди.
деп атады. Себеби израиллылар сол жерде Муўса менен урысып: «Арамызда Жаратқан Ийе бар ма екен, я жоқ па екен?» – деп Жаратқан Ийени сынаған еди.
Copyright information for KaaIBT22C