‏ Exodus 19:16-19

16Үшинши күни таң атыўдан гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты. Таўдың үстин қалың булт қаплап, бәлент, күшли даўыслы кәрнай сести еситилди. Ордадағы пүткил халық титирей баслады. 17Муўса халықты Қудай менен ушырастырыў ушын, ордадан баслап шықты. Олар таўдың етегине келип турды. 18Қудай Синай таўына от ишинде түскенликтен, пүткил таў түтеп турған еди. Таўдан пештен шыққандай түтин шығып, пүткил таў қатты силкинип турған еди. 19Кәрнай сести барған сайын күшейе берди. Муўса Қудайға сөйледи ҳәм Қудай да оған даўыслап жуўап берди.
Copyright information for KaaIBT22C