‏ Exodus 2:10-15

10Бала аз-маз өскеннен кейин, ҳаял оны фараонның қызына алып келди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм «Оны суўдан шығарып алдым», – деп, баланың атын Муўса
Муўса – «шығарып алынған» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.
қойды.

11Муўса ержеткеннен соң, бир күни өз халқына барып, олардың аўыр жумыс ислеп атырғанын көрди. Сонда өз халқынан болған бир еврейди бир мысырлының урып атырғанына көзи түсип кетти. 12Муўса әтирапына нәзер таслап, ҳеш кимниң жоқ екенин көргенде, мысырлыны өлтирип, оны қумға көмип жасырды. 13Ертеңине ол және шыққанда, еки еврейдиң төбелесип атырғанын көрди. Сонда Муўса наҳақ болған адамнан:

– Неге туўысқаныңды урып атырсаң? – деп сорады.
14Сол адам Муўсаға:

– Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? Мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди.

Сонда Муўса қорқып кетип: «Ырасында да, бул ис әшкара болып қалған екен-ғо», – деп ойлады.
15Бул ис ҳаққында фараон да еситип, Муўсаны өлтирмекши болды. Бирақ Муўса оннан қашып, Мидян жерине барып жасады.

Бир күни ол бир қудықтың қасында отырғанда,
Copyright information for KaaIBT22C