‏ Exodus 20:1-17

Он буйрық

(Нзм 5:1-21)

1Сонда Қудай мына сөзлерди айтты:

2– Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.

3Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.

4Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. 5Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. 6Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.

7Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе Өзиниң атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.

8Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла. 9Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. 10Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. 11Себеби Мен, Жаратқан Ийе алты күн ишинде аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратып, жетинши күни дем алдым. Сонлықтан Мен Шаббат күнин жарылқап, оны мухаддес қылып айырдым.

12Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады.

13Адам өлтирме.

14Неке ҳадаллығын бузба.

15Урлық ислеме.

16Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.

17Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.
Copyright information for KaaIBT22C