Exodus 21:21-35
21Бирақ егер қул дәрҳал өлмей, ал бир-еки күннен соң өлсе, қулдың хожайыны жазаланбасын. Себеби қул оның өз меншиги. 22Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳәмиледар ҳаялды урып алса ҳәм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳәм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин. 23Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан, 24көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып, 25күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин. 26Егер ким де ким қулының ямаса шорысының көзине урып, соқыр қылса, көзи ушын оны азатлыққа шығарсын. 27Ал егер қулының ямаса шорысының тисин сындырса, тиси ушын оны азатлыққа шығарсын. 28Егер бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өгиз сүзип өлтирсе, өгиз тас пенен урып өлтирилсин, ал гөши желинбесин. Өгиздиң ийеси айыпсыз болып есаплансын. 29Бирақ өгиз бурыннан-ақ сүзеўик болып, бул туўралы ескертилгенине қарамай, ийеси өгизине көзқулақ болмаған болса, өгиз бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өлтирсе, онда өгиз тас пенен урып өлтирилсин. Өгиздиң ийеси де өлтирилсин. 30Егер өгиздиң ийесине өз жанын сақлап қалыўы ушын қун төлеўине рухсат етилсе, ол талап қылынған қунды толығы менен төлеўи тийис. 31Егер өгиз ул баланы ямаса қыз баланы сүзип өлтирсе, онда да усы нызам қолланылсын. 32Егер өгиз бир қулды ямаса бир шорыны сүзип өлтирсе, онда олардың хожайынына отыз шекел ▼▼ Отыз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис берилип, өгиз тас пенен урып өлтирилсин. 33Егер ким де ким суў сақланатуғын шуқырды ашық қалдырса ямаса таза шуқыр қазып, оның аўзын жаппай кетсе ҳәм сол шуқырға бир өгиз ямаса ешек түсип кетсе, 34онда шуқырдың ийеси малдың қунын төлеўи тийис. Ол малдың ийесине пул төлесин, ал малдың денесин өзине алсын. 35Егер бир адамның өгизи қоңсысының өгизин сүзип өлтирип қойса, онда олар тири қалған өгизди сатып, ақшасын ҳәм өли өгиздиң гөшин тең бөлисип алсын.
Copyright information for
KaaIBT22C