Exodus 24:1-8
Келисимниң тастыйықланыўы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Сен, және де, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетпис адам таўға көтерилип, Мениң алдыма келиңлер ҳәм узақта турып тәжим етиңлер. 2Тек сен ғана Маған жақынла, басқа ҳеш ким жақын келмесин. Халық сениң менен бирге таўға шықпасын. 3Муўса барып, Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин ҳәм нызамларын халыққа билдирди. Ҳәмме бир аўыздан: – Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, – деп жуўап берди. 4Соннан кейин Муўса Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жазып қойды. Ол ертеңине азанда таўдың етегине қурбанлық орын қурды. Израилдың он еки урыўының белгиси ретинде он еки тас орнатты. 5Соңынан ол Жаратқан Ийеге арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берип, татыўлық қурбанлығы ушын буғаларды сойыўға Израилдың жас жигитлерин жиберди. 6Муўса қанның ярымын ләгенлерге қуйды. Ал қалған ярымын қурбанлық орынға серпип жиберди. 7Кейин келисим китабын ▼▼ Келисим китабы – 20–23 бапларда Қудайдың Муўсаға берген буйрық ҳәм нызам-қағыйдалары усы китаптың ишине кирген (усы баптың 4-аятына қараң).
алып, халыққа оқып берди. Халық: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, Оған қулақ асамыз», – деди. 8Сонда Муўса ләгенлердеги қанды халыққа сеўип: «Бул – усы айтылған ҳәмме сөзлерге тийкарланып, Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисиминиң қаны», – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C