Exodus 29:1-9
Руўханийликке тайынланыў
1– Харонды ҳәм оның улларын руўханий қылып, Маған хызмет етиўге бағышлаў ушын мыналарды исле: минсиз бир буға ҳәм еки қошқар ал. 2Сапалы бийдай унынан ашытқысыз нанлар, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ҳәм үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер жаптыр. 3Оларды бир себетке салып, буға ҳәм қойлар менен бирге Маған алып кел. 4Харон ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткиз. 5Кейин руўханийлик кийимлерин ал да, Харонға узын көйлек, баҳалы үст кийим ҳәм эфодты кийгизип, қалталы өңиршени тақ. Эфодтың белбеўин белине байла. 6Харонның басына сәлле орап, алдынғы жағына мухаддес тажды тағып қой. 7Соңынан майлайтуғын зәйтүн майын алып, оның басына қуйып, оны майла. 8Кейин Харонның улларын алып келип, оларға узын көйлеклерди кийгиз. 9Беллерине белбеў байлап, басларына кишигирим сәлле ора. Харон ҳәм оның урпақлары қағыйда бойынша мәңгиге руўханийлер болып қалады. Усылайынша, Харон ҳәм оның улларын хызметке тайынла.
Copyright information for
KaaIBT22C