‏ Exodus 3:1-6

Қудайдың Муўсаны шақырыўы

1Муўса қәйин атасы, Мидян руўханийи Итроның
Итро – бул 2:18 аяттағы Реуелдиң басқа аты.
қойларын бағатуғын еди. Бир күни ол сүриўди шөлдиң түпкирине жайып жүрип, Қудайдың таўы Хоребке келип қалды.
2Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған шеңгел путасы арасында жанып турған оттың жалыны ишинде көринди. Муўса путаның жанып турғанын, бирақ жанып жоқ болып кетпегенин көрди. 3Муўса: «Барып, бул таң қаларлық нәрсени көрейин. Пута неге жанып, жоқ болып кетпей тур екен?» – деп ойлады. 4Жаратқан Ийе Муўсаның қараў ушын жақынлап киятырғанын көргенде, путаның ишинен:

– Муўса, Муўса! – деп шақырды.

– Ләббәй! – деп жуўап берди ол.

5Қудай оған:

– Буннан артық жақынласпа. Аяқ кийимиңди шеш, себеби сен турған жер – мухаддес.
6Мен сениң әкеңниң Қудайыман, Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы ҳәм Яқыптың Қудайыман, – деди.

Муўса Қудайға қараўға қорққанлықтан, жүзин жапты.
Copyright information for KaaIBT22C