Exodus 34:1-10
Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы
(Нзм 10:1-5)
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Бурынғыға уқсаған еки тас жонып ал. Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман. 2Азанға дейин таярлан. Азан болғанда, Синай таўына шығып, таўдың төбесинде, Мениң менен ушырасыўға алдыма бар. 3Сениң менен бирге басқа ҳеш ким таўға шықпасын ҳәм таўдың ҳеш бир жеринде ҳеш ким көринбесин. Таўдың етегинде мал-жанлықлар да отламасын. 4Муўса бурынғыға уқсаған еки тас жонып алды. Жаратқан Ийениң буйырғанындай, ертеңине азанда тасларды алып, Синай таўына шықты. 5Жаратқан Ийе булт ишинде сол жерге түсип, Муўсаның қасында турды ҳәм Өзиниң «Жаратқан Ийе» деген атын жәриялады. 6Ол Муўсаның алдынан өтип: – Жаратқан Ийемен, Жаратқан Ийемен. Реҳимли, мийримли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги уллы ҳәм садық Қудайман. 7Мыңыншы әўладларға дейин сүйиспеншилик көрсетип, айыпларды, жынаятларды ҳәм гүналарды кешириўшимен. Бирақ ҳеш бир айыпты жазасыз қалдырмайман. Ата-бабалардың ислеген айыплары ушын, олардың улларын, ақлықларын, үшинши ҳәм төртинши әўладын жазалайман, – деди. 8Сонда Муўса дәрҳал жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды да: 9– О, Ийем! Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, бизлер менен бирге бар. Бул халық – қайсар халық болса да, Сен бизлердиң айып-гүналарымызды кеширип, бизлерди Өз халқың сыпатында қабыл ет, – деди.Келисимниң жаңаланыўы
(Нзм 7:1-5)
10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мине, сениң халқың менен келисим дүземен. Олардың алдында дүньяда ҳәм басқа халықлар арасында болып көрилмеген кәраматлар ислеймен. Сен арасында жасап атырған пүткил халық нелер ислейтуғынымды көреди. Мениң сен ушын ислейтуғын ислерим қорқынышлы болады.
Copyright information for
KaaIBT22C