‏ Exodus 36:8-38

Мухаддес шатырдың қурылыўы

8Ислеўшилер арасындағы уқыплы адамлар шатырды он пердеден қурды. Оларды ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден ислеп, үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 9Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Перделердиң ҳәммеси бир өлшемде болды. 10Олар перделерди бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тикти. 11Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер тикти. Екинши бес пердениң шетине де солай иследи. 12Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тикти. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан еди. 13Соңынан елиў алтын илмек ислеп, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктирди. Сол тәризде шатыр бир тутас болды.

14Және де, Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде иследи. 15Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Он бир перде де бир өлшемде болды. 16Олар бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктирди. 17Усы бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек тикти. 18Шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктириў ушын, қоладан елиў илмек иследи. 19Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш иследи.

20Тағы да, олар акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар иследи. 21Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 22Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып иследи. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай иследи. 23Ал шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай иследи. 24Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырық гүмис ултан иследи. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан иследи. 25Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай 26ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырық гүмис ултан иследи. 27Ал шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай 28ҳәм шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай иследи.

29Бул мүйешлердеги тахтайлар төменнен жоқарыға дейин жупласып, жоқарыдағы бир ҳалқа менен бириктирилди. Еки мүйеш те усылай исленди. 30Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан исленди.

31Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада, 32екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада иследи. 33Және де, тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып иследи.

34Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплап, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан иследи.

35Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерден бир перде иследи. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 36Перде ушын акация ағашынан төрт бақан ислеп, оларды алтын менен қаплады. Олардың айры илдиргишлери де алтын еди. Бақанлар ушын төрт гүмис ултан қуйды. 37Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерден нағыслы перде тоқыды. 38Пердени тағыў ушын айры илдиргиши бар бес бақан ислеп, олардың жоқарысын ҳәм карнизлерин алтын менен қаплады. Ал бақанлар ушын қоладан бес ултан иследи.

‏ Exodus 37

Келисим сандығының ислениўи

1Бесалел акация ағашынан Келисим сандығын иследи. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ еди. 2Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплады. Ал ернегине алтыннан жийек салды. 3Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды төрт туяғына орнатты: екеўин бир жағына, қалған екеўин екинши жағына орнатты. 4Акация ағашынан сырықлар ислеп, оларды алтын менен қаплады. 5Сандықты көтерип жүриў ушын, бул сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткерди. 6Сандықтың қақпағын сап алтыннан иследи. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 7Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керубты шөккишлеп соқты. 8Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал екиншиси екинши шетинде болып, оларды қақпақ пенен бир тутас қылып иследи. 9Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турған еди.

Усынылған нанлар қойылатуғын стол

10Кейин акация ағашынан узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болған бир стол иследи. 11Столды сап алтын менен қаплап, ернегине алтын жийек салды. 12Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислеп, оны алтын жийек пенен қаплады. 13Стол ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяғына беккемледи. 14Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар столдың қапталларына жақын еди. 15Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады. 16Стол ушын керекли буйымларды – табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди сап алтыннан иследи.

Шыра қойғыштың ислениўи

17Олар сап алтыннан шыра қойғыш иследи. Оның ултанын, балдағын, шақаларын, гүллерин ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажларын өзи менен бир тутас етип шөккишлеп иследи. 18Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турды. 19Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 20Ал шыра қойғыштың балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 21Шыра қойғыштан шығып турған алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип туратуғын еди. 22Шыра қойғышты гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп иследи. 23Шыра қойғыш ушын жети шыра иследи. Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды сап алтыннан иследи. 24Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант сап алтыннан исленди.

Түтетки түтетилетуғын орын қурыў

25Акация ағашынан төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ ҳәм бийиклиги еки шығанақ болған түтетки түтетилетуғын орын қурды. Орынның шақлары өзи менен бир тутас исленип, өзинен шығып туратуғын еди. 26Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек иследи. 27Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнатты. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизилди. 28Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.

29Тағы да, олар майлаў рәсими ушын мухаддес майды ҳәм таза, хош ийисли түтеткини шеберлик пенен араластырып, таярлады.
Copyright information for KaaIBT22C