‏ Exodus 7:1-12

1Бирақ Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Минекей, Мен сени фараон ушын Қудай сыяқлы қылдым, ал әжағаң Харон сениң пайғамбарың болады.
2Саған буйырғанларымның ҳәммесин әжағаңа айт. Ол фараон менен сөйлесип: «Израиллылардың Мысыр жеринен кетиўине рухсат бер», – деп айтсын. 3Деген менен, Мен фараонның жүрегин қатал қыламан. Мысырда көп белгилеримди ҳәм кәраматларымды көрсетсем де, 4фараон сизлерди тыңламайды. Мен қолымды Мысырға созып, оларды қатаң жазалайман ҳәм халқым Израилды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шығаман. 5Мысырға қарсы қолымды көтерип, израиллыларды олардың арасынан алып шыққанымда, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.

6Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. 7Фараон менен сөйлескенде, Муўса сексен, ал Харон сексен үш жаста еди.

Харонның таяғының жыланға айланыўы

8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:

9– Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады.

10Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды. 11Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи. 12Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди.
Copyright information for KaaIBT22C