Exodus 7:8-25
Харонның таяғының жыланға айланыўы
8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 9– Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады. 10Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды. 11Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи. 12Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди. 13Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.Биринши жаза: суўдың қанға айланыўы
14Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонның жүреги қатал болып тур. Ол халықты жибериўден бас тартып атыр. 15Ертеңине азанда бар да, фараон Нил дәрьясына қарай шыққанда, жыланға айланған таяғыңды алып, дәрья жағасында оның жолын тосып тур. 16Кейин фараонға былай де: «Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң: „Шөлде Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер“, – деп айтқан сөзин жеткериўим ушын, мени саған жиберди. Бирақ сен усы ўақытқа шекем қулақ аспадың. 17Сонлықтан Жаратқан Ийе: „Мениң Жаратқан Ийе екенимди енди билип аласаң“, – дейди. Минекей, мен қолымдағы таяқ пенен дәрьяның суўына урсам, суў қанға айланады. 18Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасып кетеди ҳәм мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалады». 19Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонға айт, ол таяғын алып, оны Мысырдың суўлары үстине – дәрьялары, өзеклери, көллери ҳәм барлық ҳәўизлери үстине созсын. Олардағы, ҳәтте, пүткил Мысырдағы ағаш ҳәм тас ыдыслардағы суўлар да қанға айланады. 20Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон фараон ҳәм оның хызметшилериниң көз алдында таяқты көтерип, Нил дәрьясының суўына урып жибергенде, ондағы барлық суўлар қанға айланды. 21Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасый баслады. Мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалды. Мысырдың ҳәмме жерин қан жайлап кетти. 22Бирақ мысырлы сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай иследи. Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады. 23Фараон артына бурылып, сарайына қайтып кетти. Бул ўақыя да оған тәсир етпеди. 24Пүткил мысырлылар ишетуғын суў табыў ушын, дәрья бойын қазыўға киристи. Өйткени олар дәрьяның суўын ише алмайтуғын еди. 25Жаратқан Ийе Нил дәрьясының суўын қанға айландырғаннан кейин, арадан жети күн өтти. Exodus 8
Екинши жаза: қурбақалар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға барып, Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Жаратқан Ийе былай дейди: Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер халқымды жибериўден ўаз кешсең, пүткил елиңди қурбақаларға толтырып, жазалайман. 3Нил дәрьясы қурбақаларға толып тасып кетеди. Қурбақалар дәрьядан шығып, сарайыңа, уйықлайтуғын бөлмеңе, төсегиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үйлерине, ҳәтте, тандырларың менен қамыр табақларыңа да кирип алады. 4Олар сениң, халқыңның ҳәм пүткил хызметшилериңниң үстинде секирип жүреди». 5Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға: – Харонға айт, ол қолындағы таяғын дәрьялар, өзеклер ҳәм көллерге қарай созып, қурбақаларды шығарсын ҳәм Мысырды қурбақаларға толтырсын, – деди. 6Солай етип, Харон қолындағы таяғын Мысырдағы суўларға қарай созды. Сонда қурбақалар шығып, Мысырды жайлап кетти. 7Деген менен, сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай ислеп, Мысыр елине қурбақаларды шығарды. 8Фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып: – Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер, Ол меннен ҳәм халқымнан қурбақаларды алып тасласын. Сонда мен де Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўи ушын, халқыңызды жиберемен, – деди. 9Муўса оған: – Әжеп болады, ўақытты өзиңиз белгилең. Қурбақалар тек Нил дәрьясында қалып, өзиңиз де, үйиңиз де қурбақалардан қутылыўыңыз ушын, мен сиз, хызметкерлериңиз ҳәм халқыңыз ушын қашан дуўа етейин? – деди. 10Фараон Муўсаға: – Ертең, – деди. Муўса оған былай деп жуўап берди: – Яқшы, айтқаныңыздай болсын. Усылайынша, сиз Қудайымыз Жаратқан Ийеге тең келетуғыны жоқ екенин билип аласыз. 11Қурбақалар сизден, үйлериңизден, хызметкерлериңиз бенен халқыңыздан кетип, тек дәрьяда ғана қалады. 12Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдынан кетти. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оның фараонға жиберген қурбақа бәлеси ушын жалбарынды. 13Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлады: үйлердеги, ҳәўлилердеги ҳәм атызлардағы қурбақалар қырылып қалды. 14Қурбақаларды жыйнап, үйин-үйин етип қойды. Сасық ийис елди жайлап кетти. 15Деген менен, фараон жағдайдың жеңиллескенин көргенде, Жаратқан Ийениң айтқанындай жүрегин қатал етип, Муўса менен Харонды тыңламады.Үшинши жаза: ширкейлер
16Жаратқан Ийе Муўсаға: – Харонға айт, ол таяғы менен жерди урсын. Сонда жердиң шаңы ширкейге айланып, пүткил Мысырды қаплайды, – деди. 17Олар солай иследи. Харон таяғы менен жердиң шаңын урып жибергенде, пүткил Мысыр жериндеги шаң ширкейге айланды. Адамлар менен маллардың үстин ширкейлер басып кетти. 18Сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен ширкейлер пайда етпекши болды, бирақ қолларынан келмеди. Адамлардың ҳәм маллардың үстин ширкей қаплаған еди. 19Сонда сыйқыршылар фараонға: – Бул исте Қудайдың қолы бар, – деди. Бирақ Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, Муўса менен Харонды тыңламады.Төртинши жаза: ийтшыбынлар
20Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Таң азаннан тур да, фараон дәрьяға қарай баратырғанда, оның алдынан шығып тур ҳәм оған Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 21Егер жибермесең, сениң, хызметшилериңниң, халқыңның ҳәм үйлериңниң үстине ийтшыбын жаўдыраман. Мысырлылардың үйлери ҳәм олар жасап атырған жер ийтшыбынға толып кетеди. 22Бирақ сол күни халқым жасайтуғын Гошен жерин айырып қояман. Ол жерде ийтшыбын болмайды. Усылай етип, сен Мысыр жеринде Жаратқан Ийениң, яғный Мениң бар екенимди билип аласаң. 23Мен Өз халқым менен сениң халқыңның арасына айырмашылық қояман. Ертең усы кәрамат әмелге асады». 24Жаратқан Ийе айтқанын иследи. Фараонның сарайына, хызметкерлериниң үйлерине ҳәм пүткил Мысыр елине быжнаған ийтшыбынлар ушып келди. Ел ийтшыбынның кесиринен ўайран болды. 25Сонда фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға: – Барыңлар, Қудайыңызға усы елде қурбанлық бериңлер, – деди. 26Бирақ Муўса оған былай деп жуўап берди: – Булай ислесек, туўры болмайды. Өйткени мысырлылар Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўимизди жеркенишли деп санайды. Егер олар жеркенишли деп санаған нәрсени көз алдында ислесек, олар бизлерди тас боран қылып өлтирмей ме? 27Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, бизлер шөлде үш күнлик жол жүрип барыўымыз керек. 28Сонда фараон: – Шөлде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўиңиз ушын, сизлерди жиберемен. Тек жүдә узақлап кетпеңлер. Енди мен ушын дуўа етиңлер, – деди. 29Муўса оған: – Ертең сизден, хызметкерлериңизден ҳәм халқыңыздан ийтшыбынлар кетсин деп, сизиң алдыңыздан шығыўдан-ақ, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Тек сиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын халықты жибермей қалып, бизлерди және алдамаң, – деди. 30Солай етип, Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 31Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлап, ийтшыбынларды фараоннан, оның хызметкерлеринен ҳәм халқынан алып таслады. Бирде бир ийтшыбын қалмады. 32Солай болса да, фараон бул рет те жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди. Exodus 9
Бесинши жаза: маллардың қырылыўы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға барып, оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер жибериўден бас тартып, оларды иркип тура берсең, 3онда Жаратқан Ийе, яғный Мен қолымды созып, даладағы малларыңа: атларыңа, ешеклериңе, түйелериңе, ири ҳәм майда малларыңа күшли иллет жиберемен. 4Бирақ израиллылардың маллары менен мысырлылардың малларының арасына айырмашылық қояман. Израиллылардың малларының ҳеш бири өлмейди». 5Жаратқан Ийе ўақытты да белгилеп, ертеңине Өзиниң айтқанларын Мысыр жеринде ислейтуғынын айтты. 6Ертеңине Жаратқан Ийе айтқанын иследи: мысырлылардың барлық маллары қырылып қалды. Бирақ израиллылардың ҳеш бир малы өлмеди. 7Фараон адам жиберип, израиллылардың бирде бир малының өлмегенин билди. Солай болса да, ол жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.Алтыншы жаза: шыйқанлар
8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Пештен қосуўыслап күл алыңлар, Муўса сол күлди фараонның көз алдында аспанға қарай шашып жиберсин. 9Күл шаңға айланып, пүткил Мысыр ели бойлап көтериледи. Елдиң ҳәмме жериндеги адамлардың ҳәм маллардың үстилерине ириңли шыйқанлар шығады. 10Солай етип, Муўса менен Харон пештен күл алып, фараонның көз алдында турды. Муўса күлди аспанға қарай шашып жибергенде, адамларда ҳәм малларда ириңли шыйқанлар пайда болды. 11Сыйқыршылар да шыйқанның кесиринен Муўсаның алдына келе алмады. Себеби пүткил мысырлылар менен бирге оларға да шыйқан шыққан еди. 12Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылды. Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, фараон Муўса менен Харонды тыңламады.Жетинши жаза: буршақ
13Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Таң азанда фараонның қарсы алдына шығып тур ҳәм оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 14Болмаса, бул рет сениң өзиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үстине барлық бәлелеримди жаўдыраман. Солай етип, сен бул дүньяда Маған тең келетуғыны жоқ екенин билип аласаң. 15Өйткени Мен қолымды көтерип, сени ҳәм халқыңды иллетке дуўшар қылсам, жер жүзинен жоқ болып кеткен болар едиң. 16Бирақ Өз қүдиретимди саған көрсетиў ушын ҳәм атымды пүткил дүньяға жайыў ушын, Мен сени тири сақладым. 17Сен еле де халқыма қарсылық көрсетип, оларды жибермей атырсаң. 18Сонлықтан ертең усындай ўақытта Мысыр пайда болғаннан баслап, ҳәзирге дейин ҳеш қашан болып көрмеген күшли буршақ жаўдыраман. 19Енди малларыңды ҳәм далада болған ҳәмме нәрсеңди пана жерлерге жыйнаўды буйыр. Буршақ жаўғанда ишке киргизилмей далада қалған барлық адамлар ҳәм маллар өледи». 20Фараонның хызметкерлери арасында Жаратқан Ийениң айтқан сөзинен қорққанлар қулларын ҳәм малларын тезлик пенен үйлерине алып келди. 21Ал Жаратқан Ийениң айтқан сөзин писент етпегенлер қулларын ҳәм малларын далада қалдырды. 22Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды аспанға қарай соз. Сонда Мысырдың ҳәмме жерине, адамлардың, маллардың ҳәм даладағы барлық өсимликлердиң үстине буршақ жаўады, – деди. 23Муўса таяғын аспанға қарай созғанда, Жаратқан Ийе гүлдирмама ҳәм буршақ жиберди ҳәм жерге жасын түсти. Солай етип, Жаратқан Ийе Мысырға буршақ жаўдырды. 24Усылайынша, күшли буршақ қуйып, үзликсиз жарқыраған шақмақ шағып турды. Мысыр Мысыр болғалы, бундай буршақ жаўып көрмеген еди. 25Буршақ Мысырда далада болғанның ҳәммесин: адамларды, малларды ҳәм пүткил өсимликлерди набыт қылып, барлық тереклерди сындырды. 26Тек израиллылар жасаған Гошен жерине буршақ жаўмады. 27Соңынан фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға былай деди: – Бул рет мен айып иследим. Жаратқан Ийе ҳақ, ал мен ҳәм мениң халқым наҳақпыз. 28Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Гүлдирмама менен буршақтың усы жаўғаны да жетер. Мен сизлерди жиберемен, артық услап турмайман. 29Муўса оған былай деди: – Қаладан шыға сала, қолларымды жайып, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Сонда гүлдирмама тоқтап, буршақ та жаўмайтуғын болады. Бул арқалы сиз бул дүньяның Жаратқан Ийеге тийисли екенин билип аласыз. 30Бирақ мен сизиң ҳәм хызметкерлериңиздиң Қудай Ийеден еле де қорқпай атырғаныңызды билемен. 31Солай етип, зығыр ҳәм арпа набыт болған еди. Себеби сол ўақытта арпа масақ байлап, зығыр гүллеп қалған еди. 32Бирақ бийдайдың түрлери кеш писетуғын болғанлықтан, зыян көрмеди. 33Муўса фараонның алдынан кетип, қаладан шықты. Ол қолларын жайып, Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, гүлдирмама ҳәм буршақ тоқтап, жаўын тынды. 34Фараон жаўынның, буршақтың ҳәм гүлдирмаманың тоқтағанын көргенде, және гүна ислеўин даўам етти. Оның өзи де, хызметкерлери де жүреклерин қатал қылды. 35Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, израиллыларды жибермеди. Exodus 10
Сегизинши жаза: шегирткелер
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға бар. Олардың арасында кәраматлы белгилеримди көрсетиў ушын, Мен фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң жүрегин қатал қылып қойдым. 2Ал сизлер болсаңыз, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алыўыңыз ушын, мысырлыларды қалай масқара еткеним ҳәм олардың арасында көрсеткен кәраматларым ҳаққында балаларыңа ҳәм балаларыңның балаларына айтып бериң. 3Муўса менен Харон фараонға барып, оған былай деди: – Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Қашанға дейин Маған бас иймейжақсаң? Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 4Халқымды жибериўден бас тартсаң, ертең елиңе шегирткелерди жиберемен. 5Олардың жер бетин қаплайтуғыны соншелли, жер бети көринбей қалады. Олар буршақтан аман қалған өнимлериңизди ҳәм даладағы барлық тереклериңиздиң қалған жапырақларын жеп қояды. 6Сениң үйлериң, барлық хызметкерлериңниң ҳәм пүткил мысырлылардың үйлери шегирткеге толып кетеди. Ата-бабаларың усы жерге қоныс басқан күннен бүгинге дейин, ҳеш қашан бундай нәрсени көрген емес». Кейин Муўса бурылып, фараонның қасынан шығып кетти. 7Сонда хызметкерлери фараонға: – Бул адам қашанға дейин бизлерди қыйнайды? Оларды жибериң. Барып, Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынсын. Мысырдың набыт болып атырғанын еле түсинбей атырсыз ба? – деди. 8Солай етип, олар Муўса менен Харонды фараонның алдына және шақыртып алды. Фараон оларға: – Барыңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бирақ, кимлер баражақ? – деди. 9Муўса оған: – Бизлер жас ҳәм ғаррымыз, улларымыз, қызларымыз, майда ҳәм ири малларымыз, ҳәммемиз бирге кетемиз. Өйткени Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыўымыз керек, – деди. 10Фараон оларға: – Аўа, сизлерге Жаратқан Ийе яр болсын деп, бала-шағаларыңыз бенен бирге жиберейин бе? Әне, нийетиңиз қара екени көринип тур! 11Бул болмайды. Тек ер адамлар кетип, Жаратқан Ийеге сыйынсын. Сизлердиң сорағаныңыз да сол емес пе? – деди. Соң Муўса менен Харон фараонның алдынан қуўып шығарылды. 12Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды Мысыр елине қарай соз. Елди шегиртке қапласын ҳәм буршақтан аман қалған барлық өсимликлерди жеп қойсын, – деди. 13Солай етип, Муўса таяғын Мысыр елине қарай созды. Жаратқан Ийе сол күни күндиз-түни удайына елде шығыс самалын естирди. Азан болғанда, шығыс самалы шегирткелерди алып келди. 14Шегирткелер Мысырға ҳүжим жасап, оның ҳәмме жерин жайлап кетти. Олардың көп болғаны соншелли, бундай есап-сансыз шегиртке бурын болмаған да, буннан былай болмайды да. 15Шегирткелер жер бетин басып кеткенликтен, жер қап-қара болып қалды. Олар барлық өсимликлерди, буршақтан аман қалған тереклердеги мийўелердиң ҳәммесин жеп қойды. Мысырдың ҳеш бир жеринде, я тереклерде болып, я даладағы өсимликлерде болып, жасыл жапырақ қалмады. 16Фараон тезлик пенен Муўса менен Харонды шақыртты да, оларға былай деди: – Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм сизлерге қарсы гүна иследим. 17Өтинемен, және бир мәртебе гүнамды кеширип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Ол мени бул өлим әкелетуғын апаттан қутқарсын. 18Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 19Сонда Жаратқан Ийе самалдың бағытын өзгертип, батыс жақтан күшли самал естирди. Самал шегирткелерди көтерип апарып, Қызыл теңизге төкти. Пүткил Мысыр елинде бирде бир шегиртке қалмады. 20Деген менен, Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал етип қойғанлықтан, ол израиллыларды жибермеди.Тоғызыншы жаза: қара түнек
21Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды аспанға қарай соз, Мысыр елин тас түнек қараңғылық қаплайды, – деди. 22Муўса қолын аспанға қарай созғанда, Мысырды үш күн бойы қойыў қараңғылық қаплады. 23Үш күн даўамында адамлар бир-биреўин көре алмай қалып, ҳеш ким орнынан қозғала алмады. Бирақ израиллылар жасаған жер ғана жақты болды. 24Сонда фараон Муўсаны шақыртып алып, оған: – Барыңлар, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бала-шағаңыз сизлер менен кете берсин. Тек майда ҳәм ири малларыңыз қалсын, – деди. 25Деген менен, Муўса оған былай деди: – Болмайды! Малларымызды да алып кетиўимизге рухсат бериўиңиз керек. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар беремиз. 26Малларымызды да бирге алып кетемиз. Бул жерде бирде бир туяқ қалмаўы тийис. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге сыйыныўымыз ушын, шалынатуғын малды олардың ишинен аламыз. Ол жерге барғанымызша, Жаратқан Ийеге қайсы малларды бериўимиз кереклигин билмеймиз. 27Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды жибергиси келмеди. 28Фараон Муўсаға: – Қараңды батыр. Енди қайтып көзиме көринбе. Көзиме көринген күни-ақ, өлесең, – деди. 29Муўса оған: – Айтқаныңыздай болсын. Енди қайтып, көзиңизге көринбеймен, – деди. Exodus 11
Оныншы жаза: туңғышлардың өлтирилиўи
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонның басына ҳәм Мысыр елине және бир бәле жаўдыраман. Соннан кейин, ол кетиўиңизге рухсат етеди, ҳәтте, сизлерди бул жерден пүткиллей қуўып шығарады. 2Сен израиллыларға айт, ҳәр бир ер адам ҳәм ҳәр бир ҳаял қоңсысынан гүмис ҳәм алтын буйымларды сорап алсын. 3Жаратқан Ийе Израил халқын мысырлыларға унамлы етип көрсетти. Муўса да Мысырда фараонның хызметкерлериниң ҳәм халқының алдында мәртебели еди. 4Солай етип, Муўса фараонға: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Түнниң ярымында Мысырды аралап өтемен. 5Сонда Мысырдағы ҳәмме туңғыш уллар: тахтында отырған фараонның баласынан, дигирман тартатуғын шоры ҳаялдың баласына дейин, сондай-ақ барлық маллардың туңғыш төллери өледи. 6Пүткил Мысыр ели бурын болмаған ҳәм енди қайтып болмайтуғын дад салып ўай-ўайласқан даўысларға толып кетеди. 7Ал израиллылардың ҳеш бир адамына, я малына ҳеш қандай зыян тиймейди. Усы арқалы сизлер Мениң, Жаратқан Ийениң израиллылар менен мысырлылар арасына қандай айырмашылық қойғанымды билип аласыз». 8Сонда мына хызметкерлериңниң ҳәммеси келип, маған тәжим етип: «Сен де кет, сениң изиңе ерген пүткил халық та кетсин», – дейсизлер. Соннан соң, мен кетемен, – деди. Муўса фараонның алдынан қатты қәҳәрленип шығып кетти. 9Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: – Мысырда Мениң кәраматларым көбейиўи ушын, фараон сизлерди тыңламайды, – деди. 10Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдында усы барлық кәраматларды иследи. Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды өз жеринен жибермеди.
Copyright information for
KaaIBT22C