Ezekiel 3:26-27
26Бул қозғалаңшы халықты әшкараламаўың ушын, Мен сени гүң қылып, тилиңди таңлайыңа жабыстырып таслайман. 27Бирақ саған тил қатқанымда, сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – деп айтыўың ушын сени тилге киргиземен. Тыңлағысы келгенлер тыңласын, тыңлағысы келмегенлер тыңламай-ақ қойсын. Ақыры, олар қозғалаңшы халық ғой!
Copyright information for
KaaIBT22C